Шымбай районында ҳуқық қорғаў уйымларының муўапықластырыўшы кеңес мәжилиси болып өтти.Оған райондағы төрт сектор басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен мәкеме, кәрхана, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының пуқаралық ислери бойынша прокурор ӯәкиллигин тәмийинлеӯ бөлими баслығы Ж.Бахитовлар қатнасты.Мәжилисте район прокуроры орынбасары Б.Байманова, өткен жыл даўамында районда нызамшылықты беккемлеў,пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша орынланған жумыслар ҳәмде алдағы исленетуғын ўазыйпалар бойынша баянат жасады.Баянатта бир қатар тараўлардағы жиберилген қәте кемшиликлер айтып өтилип, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Буннан соң бир қатар мәкеме басшылары шығып сөйлеп, жиберилген кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығаратуғынлығын билдирип өтти.