Шымбай районында жайласқан «Тазажол» үлкен өзгерислер алдында

Шымбай районында жайласқан «Тазажол» үлкен өзгерислер алдында

27.01.2022 16:57:14 270 Баспаға шығарыў

Ɵзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2022-жыл 18-январь күнги 07-109-санлы қарарына мууапық «Мәҳәллебай ислеў, камбағаллықты қысқартырыў,  халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2022-жылда әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар» дың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шымбай районында жайласқан  «Тазажол» аӯыл пуқаралар жыйыны Аўыр аймаққа киритилди.  Бүгинги күнде «Тазажол» АПЖында тийкарғы жумыслар  баслап жиберилди.Атап айтқанда,  18,2 км электр тармақларында оңлаў жумысларын алып барыў ҳәм 4 дана трансформатор пунктин жаңасына өзгертиў белгиленген.Ишимлик суў мәселеси бойынша «Тазажол» АПЖ аймағына 12,7 км ишимлик суў трубаларын тартыў белгиленип, бүгинги күннен баслап жумыслар даўам етпекте. Бул жумыслардан тысқары аўыл пуқаралар жыйыны орайындағы турақ-жайлардың фасадларын бояў, топырақ жолларға қум шағал араласпасын төсеў жумыслары да  баслап жиберилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content