Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 32-сессиясы болып өтти

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 32-сессиясы болып өтти

24.01.2022 18:05:19 428 Баспаға шығарыў

Сессияда сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде районлық Кеңес депутатлары қатнасты.

Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде

  1. Шымбай районының 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў дәстүрин тастыйықлаў ҳаққында.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2021-жыл даўамында алып барылған жумыслары ҳаққында.
  3. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 2021-жыл 23-декабрь күнги VI-30-41-13-192K/21-санлы шешими қосымшасына өзгерис киритиў ҳаққында. (район аймағындағы айырым фермер хожалықларының жер майданларын ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында)
  4. Секторлардың 2022-жылға мөлшерленген «Жол карта»сын тастыйықлаў ҳаққында.
  5. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси ҳәм турақлы комиссияларының 2022-жыл ушын мөлшерленген ис-режелерин тастыйықлаў ҳаққында.
  6. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022-жыл 10-январь күнги 343- ҳәм 344-Б-санлы бийликлерин тастыйықлаў ҳаққында.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлериниң баянатлары тыңланды ҳәм сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content