27-сентябрь күни социаллық тармақларда «Шымбайда жас исбилерменлерге жеңиллетилген кредит алыў ушын да қәтере керек пе?» атамасында мақала жәрияланған еди.
Бул мақаладан соң район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте жоқарыдағы мәселени үйренип шығып төмендегилерди мәлим етеди.
Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети, Жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық бөлими, Жаслар аўқамы жергиликли Кеңеси, банк тараўы ўәкиллери менен биргеликте Парахат Бийсенбаевтың шаңарағында болып, сайтларға жеңиллетилген кредит сорап жоллаған мүрәжаты бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў, бул мәселеде әмелий жәрдем бериў мақсетинде өзи ҳәм ата-анасы менен сәўбетте болдық.
П.Бийсенбаев 2019-жылы 26-июль күни Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси жанындағы «Жаслар келешегимиз» қоры Шымбай районлық филиалына келип «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жасалма қапламалы балалар футбол майданшасы ҳәм заманагөй мини маркет қурыў ушын жер майданын ажыратыўда әмелий жәрдем сорайды ҳәм «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыўды шөлкемлестириў бойынша Шымбай районлық штабына жазба мүрәжат етеди.
Мүрәжат пенен келген пуқара П.Бийсенбаев Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси баслығы Рахат Жумамуратов пенен сәўбетлескен ўақытта, тек ғана қурылыс асты ушын жер майданын ажыратыўда әмелий жәрдем сораған ҳәм футбол майданша ҳәмде мини маркетти өз есабынан қурмақшы екенлигин айтады.
Буннан соң П.Бийсенбаевтың мүрәжаты инабатқа алынып, район ҳәкиминиң 2019-жылы 27-сентябрдеги қарары менен, жасалма қапламалы футбол майданшасы ҳәм мини маркет имараты қурылысы ушын 0,25 гектар жер участкасы ажыратылады.
Жумысты баслаған жас исбилермен өз қаржысы жетпейтуғынын билгеннен соң, 2020-жылы февраль айында 7 пайызлы жеңиллетилген кредит сорап «Жаслар келешегимиз» қоры Шымбай районлық филиалына аўызеки мүрәжат пенен келеди, филиал баслығы А.Минажатдинов П.Бийсенбаевқа Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекет дәстүрлери шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша ис илажлары ҳаққында» ғы 2019-жылы 24-октябрь күнги ПҚ-4498-санлы қарарына тийкар кредит бериў тәртибинде енгизилген өзгерислер ҳаққында түсиник жумысларын берип өткен.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жылы
12-декабрь күнги ПП-5893-санлы Пәрманының 1-қосымшасы 3-бәнтинде коммерциялық банклер арқалы жаслардың бизнес басламалары ҳәм басқада жойбарларын әмелге асырыў ушын 2019-жыл 31-декабрге шекем 7 пайыз ставкада, 2020-жыл 1-январдан баслап Өзбекстан Республикасы Орайлық банктыӊ қайта қаржыландырыў ставкасында, 2021-жылы 1-январдан баслап коммерциялық банклер тәрепинен базар принциплери тийкарында ғәрезсиз рәўиште орнатылған ставкаларда кредит ҳәм мал-мүлкти лизингке бериў көрсетилген.
Сонлықтан, жас исбилермен П. Бийсенбаевқа егер қәлеўшилиги болса, 16 пайыз үстеме төлеў шәрти менен кредит алыў мүмкинлиги ҳәм АК Халық банк Шымбай филиалына барып «Ҳәр бир шаӊарақ исбилермен» дәстүри шеңберинде кредит алыўды усыныс етеди.
Сондай-ақ А.Минажатдинов өз сөзинде «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлиқ бағдарламасы тийкарында Шымбай районында 2020-жылы жеңиллетилген кредит ажыратылатуғын жаслардың мәнзилли дизими 2019-жылы 24-декабрь күни Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша районлық комиссия тәрепинен тастыйықланғанлығын айтып өтти.
Еслетпе: Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-5466-санлы Пәрманы тийкарында бағдарламада көрсетилген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша республика ҳәм аймақлық,сондай-ақ жергиликли комиссиялары дүзилген.
Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2018-жыл 16-августтағы 669-санлы қарары менен кредит ажыратыў тәртиби белгиленген.
Қарарға муўапық мәнзилли дизим кейинги жыл ушын ҳәр жылы жергиликли комиссия тәрепинен 10-ноябрь күнине шекем, соң аймақлық комиссия 10 күн мүддет ишинде тастыйықлап, Республика комиссиясына киргизеди ҳәм бул комиссия 25-декбарге шекем тастыйықлаўы белгиленген.
Усы Пәрман ҳәм қарар талапларынан келип шығып Шымбай районында 2020-жылда кредит ажыратылыўы режелестирилген жас исбилерменлердиӊ мәнзилли дизими районлық комиссия тәрепинен
2019-жылдыӊ 10-декбарь күни тастыйықланып, аймақлық комиссияға усыныс етилди ҳәм де Республикалық комиссия тәрепинен 2020-жылдыӊ
31-январь күни тастыйықланды. Бүгинги күнге келип 3 жас исбилерменге 1 млрд сўм жеӊиллетилген кредит ажыратылды. Қалған жойбарларға кредит ажыратылыў жумыслары алып барылмақта. Усы күнге шекем бул мәнзилли дизимге ҳеш қандай өзгерис ҳәм қосымша киргизилмеген.
Бул мәнзилли дизимге тек ғана Республика комиссиясы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўи мүмкин екенлиги көрсетилген.
Жас исбилермен П.Бийсенбаевтыӊ жеңиллетилген 7 пайызлы кредит сорап 2020-жыл февраль айында мәнзилли дизим тастыйықланғаннан соң мүрәжат еткенлигин айтып, жеңиллетилген кредит алыў тәртиби ҳаққындағы қарар менен толық таныстырылған.
Нәтийжеде жас исбилермен АК Халық банк Шымбай филиалы тәрепинен 2020-жыл 18-мартта дүзилген 449-санлы кредит шәртнамасына тийкар, 16 пайыз үстеме төлеў шәрти менен 36 ай мүддетке, 6 ай жеңилликли дәўир менен газон қапламасын сатып алыў ушын102 миллион сўм кредит алған.
Мақала мазмунында «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы «Абат аўыл» бағдарламасына кирген болса, аймақты абаданластырыў, ҳәр түрли объектлерди қурыў ушын ажыратылған қаржылар қайда кетти деген де саўал туўылады» мазмунында сораў берилген.
Бул бойынша Қурылыс-коммуникация, коммунал хожалығы ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша ҳәким орынбасары берген мағлыўматқа көре:
Өзбекстан Респбуликасы Президентиниӊ 2019-жыл 20-февралдағы «Абат аўыл» дәстүрин 2019-жылда әмелге асырыў бойынша қосымша ис –илажлар ҳаққында» ғы ПҚ-4201-санлы қарары тийкарында район ҳәкиминиӊ 2019-жыл 4-март күни 861-санлы шешими қабыл етилип, Дәстүрге муўапық 3 аймақта яғный «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны, «Қамыс-арық» ҳәм «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйынларында жәми 26,2 млрд сўмлық қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылды.
«Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жәми 11,6 млрд сўмлық қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып, соннан бюджет қаржылары есабынан 9,4 млрд сўм ҳәм тармақ кәрханалары есабынан 950 млн сўмлық жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда 2 дана социаллық тараў объектлерине реконструкция ҳәм ири оӊлаў, «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыныныӊ Кеӊсе имаратына ири оӊлаў жумыслары алып барылған болса, 3,9 км ишимлик суў, 7 км электр тармақлары, 2 дана трансформатор жаӊадан қурылды, 82 дана стольбалар алмастырылып, 7,6 км газ тармақлары ҳәм 14 дана ГРПды оӊлаў жумыслары алып барылды, 1,8 км аралыққа пиядалар жоллары қурылды, 2,4 км аралыққа кешки жақтыландырыў үскенелери орнатылды.
Сондай-ақ 9,9 км ишки жолларды оӊлаў жумыслары алып барылды.
Өзбекстан жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеӊеси ҳәм «Жаслар келешегимиз» қоры тәрепинен район жасларын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий жумыслардыӊ турақлы түрде алып барылып атырғанлығы, сондай-ақ исбилермен болып, жеке бизнесин жолға қойыўды мақсет қылып жүрген жасларға барқулла жәрдем бериўге таяр екенлигин айтып өтти.
Cөзимиз соӊында:
Нөкистеги «Әжинияз қарақалпақ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен халыққа хызмет көрсетиў мақсетинде районымыз аймағынан дәрихана ашылды. Бул дәрихананыӊ қурылыс жумыслары Шымбайлы қурылысшылар тәрепинен әмелге асырылған ҳәм бул дәриханада халыққа хызмет көрсетип атырған ислеўшилер, сондай-ақ ис басқарыўшысыда районымыз турғынлары есапланады.
Сондай-ақ жас исбилермен П.Бийсенбаев 2020-жыл 9-июнь күнги ашылыў салтанатында «Жаслар келешегимиз» қоры районлық филиалы қәнигесиниӊ жасы үлкенге шапан жабыў керек дегенин айтып өткен. Бирақ бул шапан сол күнги ашылыў салтанаты күни лента кесиў ўақтында исбилерменныӊ пәтия берген үлкен нураный атасына жабылған.
Сайтларда «Шымбайда жас исбилерменлерге жеңиллетилген кредит алыў ушын да қәтере керек пе?» атамасында шығарылған мақала үстине район басшысыныӊ фотосы қойылған.
Журналист қандай мақсетте яки қандай дереклерге тийкар қәтере сөзи үстине район басшысыныӊ фотосын қойған?. Туўры мақала изинде ашылыў салтанынан көринис деп жазылған. Бирақ сайтта шығарылған мақала темасына жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, оларды баркамал қылып тәрбиялаў жолында тынымсыз мийнет етип атырған инсанныӊ фотосын сын мақала темасына қойыўы журналист этикасына туўры келеме екен?