Транспорт ҳәм қаржы тараӯларындағы айрым ҳуқықбузарлықларды исленгелиги ушын ҳәқимшилик жазаларға өзгерислер киритилди

Транспорт ҳәм қаржы тараӯларындағы айрым ҳуқықбузарлықларды исленгелиги ушын ҳәқимшилик жазаларға өзгерислер киритилди

11.01.2022 18:03:46 204 Баспаға шығарыў

2021-жыл 30-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының “Транспорт ҳәм қаржы тараӯларындағы айрым ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын ҳәкимшилик жазалар либералластырылыӯы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында”ғы ӨРН-734-санлы Нызамы қабыл етилди.

Бул Нызам бойынша киритилген өзгерислерге көре автомашина айдаӯшылары таранспортты басқарыӯда телефоннан қулақшынлар (блютуз, наӯшник) арқалы ҳәм қолларын ислетпестен сөйлесиӯ имкәнын беретуғын үскенелер арқалы пайдаланыӯы мүмкинлиги, автомашина айдаӯшылары белгиленген тезликти асырып жибергенинде белгиленген тезликтен 5 км/саат шегирилип жаза қолланылатуғынлығы, сондай-ақ, транспорт салонының алдынғы бөлимине монитор (дисплэй) орнатқанлық ушын жуӯапкершилик бийкар етилгенлиги, валюталарды нызамсыз алғанлық ушын жәрийма муғдары алдын қатаң базалық есаплаӯ муғдарының 20 есеси болған болса, ал өзгерис бойынша базалық есаплаӯ муғдарының 10 есесинен 20 есесине шекем етип ҳәмде автомобилде жолаӯшыларды лицензиясыз тасығанлық ушын пуқараларға жәрийма муғдары алдын базалық есаплаӯ муғдарының
20 есесинен 100 есесине шекем болған болса, ал өзгерис бойынша базалық есаплаӯ муғдарының 30 есеси етип белгиленди.

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық судының баслығы                                    З.Д.Бердимуратов

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content