Бүгинги күнде стресс ҳәммемизди дерлик ҳәрдайым мазалайды. Сол себепли стресске қарата шыдамлылықты асырыў организм ушын да пайдалы болып, түрли кеселликлердиң алдын алыўға жәрдем береди. Буның ушын:
🔻Өкпеңизди толтырып терең дем алың;
🔻Жағымлы музыка тыңлаң ямаса сүйикли исиңиз бенен шуғылланың;
🔻Сүйикли фильмиңизди тамашалаң;
🔻Шоколад ямаса жақсы көрген мазалы затыңызды қабыл етиң;
🔻Таза ҳаўада сейил етиң;
🔻Түрли хош ийисли, тынышландыратуғын шай (ромашкалы, лаванда, жалпызлы ҳәм көк шай) ишиң;
🔻Контраст ванна қабыл етиң ҳәм тынығып уйқылаң.
🔹Бул усыныслар машқалаларды шешиўге жәрдем бермесе де, стрессти сапластырыўға жәрдем береди. Бул болса дурыс ҳәм саламат пикирлеўге алып келеди.
Дерек ▶️@qrdssm