Шымбай районы «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйыны аймағын асфалтьлаў бойынша социаллық тармақларға жоллаған мүрәжатын район ҳәкимлиги ҳәм тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте үйренип шығылды.Атап айтқанда «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына быйылғы
2021-жыл мәмлекетлик бағдарлама тийкарында Қазы-мәўлик көшесине 0,5 км аралықтағы қум шағал араласпасы (ШПС) төсеў жумыслары алып барылды.Мүрәжатта көрсетилип өтилген көше быйылғы мәмлекетлик бағдарламаға киритилмеген болып, район аймағындағы ишки көшелер басқышпа-басқыш бағдарлама тийкарында әмелге асырылады. Сонлықтан жоқарыда көрсетилген көше келеси жыллардағы мәмлекетлик бағдарламаға усыныс етилетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.