“Адолат” мәлимлеме системалары комплекси енгизиледи

“Адолат” мәлимлеме системалары комплекси енгизиледи

29.12.2021 19:20:15 118 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы                                             7-февралдағы ПФ-4947-санлы Пәрманы менен 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнелиси бойынша ҳәрекетлер стратегиясы тастыйқланды.

Ҳәрекетлер стратегиясының екинши жөнелиси, яғный нызам үстемлигин тәмийенлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын жәнеде реформалаўды әмелге асырыў ушын тийкарғы ўәзыйпалар ретинде суд ҳәкимиятының шын мәнисте ғәрезсизлигин тәмийенлеў, судтың абырайын асырыў, суд системасын демократластырыў ҳәм жеделлестириў, ҳәкимшилик, жынаят, пуқаралық ҳәмде хожалық нызамшылығын жеделлестириў белгиленген болса, бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын судлар искерлигине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын еңгизиў, электрон тәртипте суд ҳәм орынлаў исин жүритиўдиң заманагөй форма ҳәм усылларын еңгизиў тийкарғы жөнелис болып белгилеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы суд системасы структурасын түптен жеделлестириў ҳәмде искерлиги нәтийжелигин асырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 2017-жылы 21-февралдағы ПФ-4966-санлы Пәрманында Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәмде коммуникацияларды раўажландырыў министрлигине Жоқарғы суд пенен биргеликте үш ай мүддетте судлар искерлигинде заманагөй технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелий ис-илажлар дәстүрин тастыйықлаў ҳаққындағы тийисли Ҳүкимет қарары проектин киритиў тапсырылды.

Усы норматив ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы                             30-август күнги ПҚ-3250-санлы “Судлар искерлигине заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологияларын еңгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, бул жөнелистеги тийкарғы ўазыйпалар ретинде судлар искерлигиниң ашықлығын, суд ислери жүритиўдиң сыпатынан халықтың хабардарлық дәрежесин асырыў, суд хызметкерлери тәрепинен бюрократизм фактлерине шек қойыў, судларда ислердиң өз мүддетинде көрилиўин бақлаўдың нәтийжели системасын жаратыў мақсетинде судлар ислерин автоматластырыў, суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеўде судлардың сорастырыў, дәслепки тергеў ҳәм мәжбүрий орынлаў уйымлары менен бирге ислесиўин тәмийинлеў, халыққа ҳәмде исбилерменлерге көрсетилетуғын интерактив хызметлер дизимин кеңейтириў етип белгиленди.

Бул қарар менен 2017-2020 жылларда Судлар искерлигине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын еңгизиў Дәстүри тастыйқланып, дәстүрде ҳәзирги күнде жолға қойылған “E-XSUD” мәлимлеме системасын жаратыў, судларға видеоконференц байланыс системасын енгизиў, барлық судья ҳәм суд хызметкерлерин электрон имза менен тәмийенлеў, судьялар ортасында ислерди автоматик тәризде бөлистириў, суд қарарларын Интернет тармағы арқалы жәриялаў, орынлаў ҳүжжетлерин электрон тәризде мәжбүрий орынлаўға жибериў системасын жаратыў белгиленген еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 3-сентябрь күнги «Суд ҳәкимияты уйымлары искерлигин санластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4818-санлы қарары қабыл етилип, бул жөнелистеги кейинги басқыш ўазыйпалары ретинде ҳәр бир мүрәжәәтты көрип шығыў барысын онлайн гүзетип барылыўын тәмийенлеў, суд имаратларында интерактив хызметлерден еркин пайдаланыў имканиятын жаратыў, судларда әдил судлаўдың тезлик пенен әмелге асырылыўы ушын зәрүр болған мағлыўматлардың алыныўын тәмийенлеў ушын министрликлер, мекемелер ҳәмде басқа шөлкемлер менен электрон мағлыўматлар алмасыўын жәнеде кеңейтириў, суд мәжлислерин мәсападан турып, сондай ақ, мобил қурылмалар ҳәм электрон бирге ислесиўдиң басқа фрмалары арқалы қатнасыў имканиятын кеңейтириў, сондай ақ, ис бойынша тәреплер ушын суд қарарларын онлайн тәризде алыў имканиятын жаратыў етип белгиленди.

Бул қарар менен 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияти уйымлары искерлигин санластырыў Дәстүри ҳәмде судлардың мәлимлеме системасын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен интеграция етиў бойынша “жол картасы” тастыйықланып, соның менен бирге 2022-жылы 1-январдан баслап судлар искерлигине «Адолат» мәлимлеме системалары комплексин енгизиў белгиленди.

Жоқарыда аты аталған ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийенлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиуминиң 2021-жылы 9-декабрь күнги РС-65-21-санлы «Республика судлары искерлигине «ADOLAT» мәлимлеме системалары комплексин енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул қарарға муўапық мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары, адвокатлар тәрепинен судларға даўа арза, арза ҳәм шағымларды тек ғана электрон көринисте усыныў тәртиби енгизилмекте.

Яғный, мәпдар шахслар тәрепинен арза ҳәм шағымларды көрип шығыў барысын онлайн тәризде гүзетип барыў, суд мәжлиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон формада жибериў, суд ҳүжжетлерин судлар искерлигиние енгизилген мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған тәризде қәлиплестириў имканын бериўши «АДОЛАТ» мәлимлеме системалары комплекси ҳәм суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризде, олардыӊ илтимаснамасы бойынша болса қағаз көринисинде усыныў әмелияты судлар искерлигине 2022-жылдыӊ                          1-январдан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар аралық ҳәкимшилик судлар искерлигине; 2022-жылдыӊ 1-июлдан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиялары, районлар аралық, район ҳәм қала экономикалық судлары искерлигине; 2022-жылдыӊ                         1-октябринен баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары пуқаралык ислери бойынша судлаў коллегиялары, пуқаралық ислери бойынша районлар аралық, район ҳәм қала судлары искерлигине; 2023-жылдыӊ 1-январдан баслап Жоқарғы суд жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары жынаят ислери бойынша судлаў коллегиялары, жынаят ислери бойынша район ҳәм қала судлары искерлигине басқышпа-басқыш енгизиў белгиленди.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, 2022-жыл 1-январдан баслап мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыўы уйымлары, адвокатлар тәрепинен ҳәкимшилик судларға арза ҳәм шағымлар тек ғана электрон көринисте усынылады, бунда мүрәжәәтлардыӊ қағаз көринисинде қабыл қылыныўына жол қойылмайды.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

 Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик

суды судьясы                                                                                       К.Кыпшакбаев

Пайдалы ресурслар
Skip to content