Суд ҳәкимияты органлары жумысын санластырыў ис-иләжлары ҳаққында

Суд ҳәкимияты органлары жумысын санластырыў ис-иләжлары ҳаққында

25.09.2020 15:58:18 580 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде, мәмлекетимиз тәрепинен судлар жумысының материаллық-техникалық базасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша тийисли ис-иләжлар әмелге асырылмақта.

2020-жыл 3-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Суд ҳәкимияты органлары жумысын санластырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы №ПҚ-4818-санлы қарары қабыл етилди.

Бул қарар бойынша 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияты органлары хызметин санластырыў дәстүри ислеп шығылыўы белгиленди.

Соңғы жылларда судлар хызметинде заманагөй технологияларды кең енгизиў бойынша әмелге асырылған илажлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине өз ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў ушын судқа мурәжаат етиўин еркинлестириў, улыўма әдил судлаўға ерисиўди асырыў ҳәмде судлар хызметинде ашықлық ҳәм әшкаралықты тәмийнлеў имканын берди.

Соның менен бирге, бүгүнги күнде судларда ислерди көриўде көпшилик министрлик ҳәм мәкемелер менен мағлыўмат алмасыўы олардың хабар системалары өз-ара интеграция етилмегенлиги себепли тийкарынан қағаз түринде әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлерге көрсетилетуғын интерактив хызметлер түрин кеңейттириў бойынша ислерди тезлестириў талап етиледи.

Суд ҳәкимияты органлары хызметин санластырыў судлар ҳәм басқа мекемелер ортасында мағлыўмат алмасыўын жақсылаў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльдеги «Судлар хызметин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў искерлигин асырыўға қаратылған қосымша
ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПФ-6034-санлы Пәрманы орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-августдағы ПҚ-3250-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2020-жылларда судлар хызметине заманагөй хабар-коммуникация технологияларын енгизиў дәстүриниң орынланыў нәтийжесинде судларға аралықтан турып мурәжаат етиў, суд мәжилислеринде видеоконференцбайланыс хызметинен пайдаланып қатнасыў, судьялар ортасында ислерди автоматик тәризде бөлистириў, суд қарарларын Интернет тармағында жәриялаў, орынлаў хатларының электрон формада мәжбүрий орынлаўға жибериў хызметлери жолға қойылды.

Төмендегилер суд ҳәкимияты органлары хызметин санластырыўдың кейинги басқышындағы уазыйпалары етип белгиленди:

пуқаралар ҳәм исблерменлик субъектлерине көрсетилетуғын интерактив электрон хызметлер түрлерин кеңейттириў, ҳәр бир мурәжатты көрип шығыў басқышының онлайн көрип барылыўын тәмийнлеў, суд имаратларында интерактив хызметлерден еркин пайдаланыў имканиятын жаратыў;

судларда әдил судлаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған мағлыўматлардың тезлик пенен алыныўын тәмийнлеў ушын министрликлер, мекемелер ҳәм басқа шөлкемлер менен электрон мағлыўматлар алмасыўын жәнеде кеңейттириў;

арнаўлы хабар дәстүрлерин енгизиў арқалы судьялар бирлеспеси органлары хызметиниң ашықлығы ҳәм әшкаралығын тәмийнлеў;

суд мәжилислеринде аралықтан турып, мобил қурылмалары ҳәм электрон ислесиўдиң басқа түрлери арқалы қатнасыў имканиятын кеңейттириў, сондай-ақ
ис бойынша тәреплер ушын суд қарарларын онлайн тәризде алыў имканиятын жаратыў;

судтың хабар системалары, мағлыўматлар базалары ҳәм басқа дәстүрий өнимлери хабар ҳәм киберқәўипсизлигин тәмийнлеў, хызмет хабарлары ҳәм мағлыўматларын комплекс қорғаў бойынша шараларды күшейттириў белгиленбекте.

Төмендегилерди нәзерде тутыўшы 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияты органлары хызметин санластырыў дәстүри тастыйықланды:

2021-жыл 1-январьдан баслап барлық судларда суд мәжилислерин ис бойынша тәреплердиң илтимаснамасы ҳәм басшылық етиўшиниң разылығы менен аудиожазыўдан пайдаланған ҳалда апарыў ҳәмде суд мәжилислери баяннамаларын усы дәстүрден пайдаланған ҳалда жүргизиў;

2021-жыл 1-июльдан баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар арасында автоматик тәризде бөлистириў;

2021-жыл 1-октябрьден баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында «SMS» хабар арқалы бийпул хабардар қылыў;

2022-жыл 1-январдан баслап суд қарарларының көширмелерин тәреплерге онлайн тәризде, олардың илтимаснамасына көре қағаз формасында усыныў;

2022-жыл 1-июльға шекем суд ҳәкимияты органлары хызметинде, тийкарынан пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаўға ерисиўде қолайлық жаратыў мақсетинде 10ға жақын интерактив хызметлер көрсетиўди жолға қойыў;

2023-жыл 1-январдан баслап суд ислерин мәмлекет архивине электрон формада тапсырыў ҳәм қабыл қылыў;

судлар, Судьялар жоқары кеңеси ҳәмде Судьялар жоқары мектебинде хабар-коммуникация технологиялары инфраструктурасын жәнеде жақсылаў белигленбекте.

Төмендегилерди нәзерде тутыўшы судлардың хабар системаларын мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлериниң хабар системалары менен бирге интеграция етиў бойынша «жол картасы» тастыйықланыў;

28 мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлери, солардан Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, Бас ўәзирдиң Исбилерменлер муражаатларын көрип шығыў қабыллаўханалары хабар системаларын Жоқары судтың хабар системасына басқышпа-басқыш қосыў;

судлар тәрепинен мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлерге усынылатуғын мағлыўматларды электрон формада жибериў;

белгиленген исти көриў барысында зәрүр болған мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди пуқараларды әўере қылмаған ҳалда судлар тәрепинен мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлеринен электрон формада алыў;

судлар тәрепинен жәриймаларды кемейттириў яки оларды қолламаслық мәселелерин көрип шығыўда «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» ҳәм басқа хабар системаларының интеграциясы арқалы пуқараның мүлкий ҳалаты ҳәм социаллық аҳўалы ҳаққында исенимли мағлыўматлар менен танысыў;

судлар тәрепинен алимент муғдарын белгилеўде районлар кесиминде орташа айлық ис ҳақылары ҳаққындағы мағлыўматларды хабар системасы арқалы электрон формада алыў белгиленбекте.

Жуўмақлап айтқанда жоқарыда көрсетилген қарар мәмлекетимиз тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыўда судлардың ашықлық ҳәм әшкара көрилиўин тәмийнлеў, халқымыздың судқа болған исенимин арттырыўда пуқаралардың әўрегершиликте жүрмеўи ушын исленип атырған ислер десек асыра айтқан болмаймыз.

 

Қарақалпақстан Республикасы жынаят

ислери бойынша судының судьясы:-                                           М.Байниязов

 

Жынаят ислери бойынша

Шымбай районы судының

баслығы:                                                                                        А.Хожанов

Пайдалы ресурслар
Skip to content