Шымбай районы «Қаракөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы Атажол көшесин асфалтьлаў бойынша социаллық тармақларға жоллаған мүрәжаттың район ҳәкимлиги ҳәм тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте үйренип шығып, төмендегилерди билдиремиз.
«Қаракөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы Атажол көшесин асфалтьлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-май күнги “Шымбай районын 2021-2022-жылларда социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, сондай-ақ, район аймағындағы социаллық тараў мәкемелери, автомобиль жоллары ҳәм басқа да инфраструктура объектлеринде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў ҳаққында”ғы 326-санлы қарары тийкарында алып барылыўы режелестирилген қаржының эконом қылынған сўмма есабынан районның бир қатар ишки жолларын оңлаў ҳәм ишимлик суў тармақларына реконструкция жумысларын алып барыў белгиленген.
Мүрәжаттағы “Қара көл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Ата жол көшесине 0,900 км қум шағал араласпасын (ШПС) төсеў жоқарыда атап өтилген оңланыўы тийис ишки жолларға киритилгенлигин мәлим етип билдиремиз.