Соңғы жылларда мәмлекетимизде гөдеклер саӯдасы менен байланыслы жынаятлар жүдә асып барып атырылғанлығы көрилмекте.
Буларға тийкарынан яғный баланың анасы социаллық қорғалмағанлығы ҳәм материаллық мүтәжликлери менен тәмийнленбегенлиги, турмысқа шықпаған ҳаяллар ҳәмиледар екенлигин ҳәмде гөдекти шаңарағынан жасырыӯға урыныӯы, перзент көрмеген шаңарақлар тәрепинен гөдек асырап алыӯға мүтәжлик барлығы ҳәмде гөдек саӯдасының алдын алыӯға қаратылған терең ҳуқықый тийкардың жоқлығы себеп болмақта.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясында адам саӯдасы яғный адамды алып-сатыӯ яки адамды оннан пайдаланыӯ мақсетинде жаллаӯ, тасыӯ, тапсырыӯ, жасырыӯ яки қабыл етиӯ болып есапланып, бул қылмыслар ушын үш жылдан…он еки жылға шекем еркинен айырыӯ жазалары белгиленген.
Сол себепли, миллий менталитетимизге сай келмейтуғын бул тайпадағы жынаятлардың алдын алыӯ жүзесинен ең алды менен шаңарақта тәрбия орталығын жақсылаӯымыз, перзентлеримизге туӯры тәрбия бериӯимиз ҳәм олардың мәдениятын жақсылаӯ мақсетинде ҳуқықый сана ҳәм билимлерин асырыӯымыз зәрүр деп есаплайман.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды баслығы: З.Д.Бердимуратов