Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ҳәм де Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының қоспа мәжилиси болып өтти.
Болып өткен мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитети баслығы З.Реймова ҳәм Комитет ағзалары ҳәм де Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты ағзасы У.Жалменов қатнасты.
Сондай-ақ, мәжилисте Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы ағзалары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Өткерилген қоспа мәжилисте Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Е.Мадреймовтың, Шымбай районы аймағында 2021-жылдың 9 айы даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде ҳәм де жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм пуқаралардың ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўы бойынша әмелге асырылған жумыслары бойынша районлық Ишки ислер бөлиминиң есабаты тыңланды.
Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер сын көз қараста көрип шығылып тараў басшыларына тийисли тапсырмалар белгилеп берилди.