Судлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының шериклиги

Судлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының шериклиги

08.09.2020 16:21:19 573 Баспаға шығарыў

Соңғы жылларда кең көлемли ҳәм шын мәнисинде терең суд-ҳуқық реформалары нәтийжесинде мәмлекетимиз суд ҳәкимият раўажланыўының улыўма жаңа дәўири басланды.

Ҳақыйқаттан да, бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында Президентимиз басламасы менен суд-ҳуқық тараўындағы реформалар шын мәнисинде жоқары дәрежеге көтерилди, оның ҳуқықый тийкарларын жетилистириу майданынан Конституциямызға суд ҳәкимият ғәрезсизлигин тәмийинлеу менен байланыслы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.

Өзбекстан Республикасы «Судлар ҳаққында»ғы Нызамының бир қатар статьялары жаңа нормалар менен байытылды.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың үстин туратуғын бес жөнилиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген уазыйпалардан келип шыққан ҳалда қабыл қылынған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлар суд системасын түптен жетилистириу, пуқаралардың суд қорғаўында болған конституциялық ҳуқықын тәмийинлеўдиң жаңаша басқышын баслап берди.

Суд ҳәкимиятының толық ғәрезсизлигин ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў мақсетинде қабыл қылынған Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 21-февралдағы «Суд додалаўы әшкаралығын ҳәм судлар искерлигине тийисли маглыўмат алыў ҳуқықын тәмийинлеў ҳаққында»ғы
4-санлы қарары пикиримиздиң айқын дәлийли болып табылады.

Қарар 31 бәнттен ибарат болып, оның мақсети суд додалаўы әшкаралығын, суд искерлигине байланыслы мағлыўмат алыў ҳуқықы әмелге асырылыўын, сондай-ақ судлар тәрепинен усы мәселеге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң бирдей қолланылыўын тәмийинлеў болып табылады.

«Судлар ҳаққында»ғы Нызамының 7-статьясына муўапық ҳәмме судларда ислер ашық суд мәжилисинде көриледи, ислерди жабық суд мәжилисинде көрип шығыўға тек нызам менен белгиленген жағдайларда ғана жол қойылады.

Усы Нызам талабына көре, жоқарыда көрсетилген Пленум қарарында суд додалаўының әшкаралығы, суд искерлиги ҳаққындағы жәмийетшиликке
өз ўақтында ҳәм объектив мағлыўмат бериу жәмийетте ҳуқықый хабарландырыў дәрежесиниң әмелге асыўына мүмкиншилик жаратады, әдил судлаўды әмелге асырыўдың зәрүрли кепиллиги болып есапланады, судлар искерлиги үстинен жәмийетшилик бақлаўды тәмийнлеў ҳәм судқа болған жәмийет исенимин арттырыўдың сапалы қуралы болып есапланады.

Усы Қарарда суд искерлигине тийисли мағлыўматты алыў ҳуқықын пуқаралардың тили, жынысы, миллети, дини, шахсы ҳәм социаллық келип шығыўына қарап шеклеўге жол қойылмаслығы көрсетип өтилген.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 112-статьясында «Судьялар ғәрезсиз, тек қана нызамға бойсынады. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў барысында искерлигине қандайда бир тәризде араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады», деп көрсетилген.

Конституцияның усы талабына көре суд додалаўының әшкаралығы, суд искерлигине тийисли мағлыўматты алыў пуқаралық, жынаят, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў уазыйпаларын әмелге асырыўға хызмет қылыўы ҳәм судлаў искерлигине қандайда-бир тәризде араласыуға алып келмеўи керек.

Қарарда түсиндирилиўинше, ғалаба хабар қураллары арнаўлы ис бойынша суд додалаўы нәтийжелерин алдыннан талқылаўға ямаса судқа басқаша тәризде тәсир етиўге(басым өткериуге) ҳақылы емес.

Судья суд қарары нызамлы күшке кирмеген ислер бойынша интервью бериўге ямаса ғалаба хабар қуралларында шығып сөзлеўге ҳақылы емес.

Суд додалаўының әшкаралығы процесс қатнасыўшысы болмаған шахсларға, солардан, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине суд мәжилисинде қатнасыў имканиятын берилиўи менен тәмийинленеди.

Aшық суд мәжилислерин процесс қатнасыўшысы болмаған шахслар қатнасыўын тосқынлық ететуғын имаратларда өткериуге жол қойылмайды.

Aшық суд мәжилисинде процесс қатнасыўшысы болмаған жас өспиримлердиң қатнасыўы тек қана тийисли процессуал нызам талабын инабатқа алған ҳалда жол қойылады.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ашық суд мәжилисинде
ис бойынша мағлыўматлар алыў мақсетинде қатнасыўы мағлыўмат алыўдың нызамлы жол менен алыныўын инабатқа алып, олардың нызамда нәзерде тутылмаған асасларға көре, суд мәжилиси залына кириўине тосқынлық жасаўға жол қойылмайды.

Процесс қатнасыўшысы дегенде, жынаят-процессуал нызамшылығына көре додалаў ушын тайынланған исте қатнасыўшы прокурор, қорғаўшы, жәмийетлик айыплаўшы, жәмийетлик қорғаўшы, сондай-ақ судланыўшы, жәбиркеш, пуқаралық даўагер, пуқаралық жуўапкер ҳәм олардың ўәкиллери түсиниледи.

Сондай-ақ, Қарарда истиң көрилиўин жабық суд мәжилисинде өткериў ҳаққындағы судтың асаслантырылған уйғарыў шығарылып, онда процесс қатнасыўшылары болмаған шахслардың, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң суд мәжилиси залына еркин кириўине тосқынлық ететуғын анық халатлар көрсетилиў кереклиги, ис жабық суд мәжилисинде қаралыўы ҳаққындағы мағлыўмат ҳәмме ушын ашық болыў кереклиги, истиң көрилиўи жабық суд мәжилисинде өткерилиўи ҳаққында суд мәжилиси баяннамасында ҳәм
ис бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетиниң кирис бөлиминде де көрсетиледи, деп түсиндириу берилген.

Ислердиң жабық суд мәжилисинде өткерилиўи ҳаққындағы уйғарыў жария етилгенге шекем процесс қатнасыўшылары болмаған шахслар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери суд мәжилиси залынан шетлетилиўи мүмкин емес. Ислердиң жабық суд мәжилисинде өткерилиуи ҳаққындағы қарар исти суд мәжилисин көриўди белгилеў сыяқлы қабыл етилген жағдайларда, процесс қатнасыўшылары болмаған шахслар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери суд мәжилиси залына киритилмейди.

Егер суд тәрепинен жынаят исиниң арнаўлы бир бөлими жабық суд мәжилисинде көрилиўи ҳаққында қарар қабыл етилсе, процесс қатнасыўшысы болмаған шахслар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери суд мәжилисиниң сол бөлимине киритилмейди.

Қарардың 14-бәнтинде нызамға көре, ашық суд мәжилисин фотосүўретке түсириў, видеожазыўды әмелге асырыў, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында трансляция етиўге пуқаралық исин көриў ўақтында

– суд мәжилисинде басшылық етиушиниң, тәреплер разылығы алынғаннан кейинги берилген рухсаты менен;

жынаят, ҳәкимшилик, экономикалық исти ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы исти көриў ўақтында – суд мәжилисинде басшылық етиўшиниң тәреплер пикирин тынланғаннан кейин берген рухсаты менен жол қойылыуы, 16-бәнтиниң екинши хат басында шетел ғалаба хабар қураллары ўәкиллери суд мәжилиси залына олар Өзбекстан Республикасында аккредитация қылынғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетти усынған жағдайда киритилиўи ҳаққында түсиндириў берилген.

Процесс қатнасыушысы болмаған шахслар, атап айтқанда, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ашық суд мәжилисинде қатнасыўын шеклеуши ямаса оларға тосқынлық етиўши жағдайлар қадаған етиледи ҳәм бундай жағдай процессуал нызам бузыўшылық деп есапланады ҳәм нызамда белгиленген жуўапкершилик келип шығыўына себеп болады.

Усы қарарда түсиндирилиўинше, суд искерлиги ҳаққындағы хабар улыўмалық пайдаланыў ушын ашық есапланады, хабардан пайдаланыў нызам менен шекленген ҳаллар буған кирмейди.

Пайдаланыў шеклеп қойылған мағлыўматларға төмендегилер киреди:

Пайдаланыў шеклеп қойылған мағлыўматларға мәмлекет сырларына тийисли (Өзбекстан Республикасының «Мәмлекет сырларын сақлаў ҳаққында»ғы Нызамы 3, 5-статьялары);

Нызам менен қорғалатуғын басқа сырларға тийисли (мысалы, перзентликке алыу сыры) (Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң
153-статьясы);

Шыпакерлик сырға тийисли (Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы Нызамы 25-статьясы бесинши бөлими, Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың репродуктив саламатлығын сақлаў ҳаққында»ғы Нызамы 19-статьясы);

нызамға тийкар пайдаланыўы шекленген басқа мағлыўматлар киреди.

Суд мағлыўматтың арнаўлы бир бөлими пайдаланыў ушын шекленгенлигин себеп қылып, талап етилген мағлыўматтың берилиўин қадағалаўға ҳақылы емес. Бундай жағдайда мағлыўматтың пайдаланыў ушын ашық бөлими усыныс етиледи.

Қарарда берилген түсиндириўлерге көре суд искерлигине тийисли мағлыўматлар пайдаланыўшыларға олардың сораўына тийкарланып, яғный аўызша ямаса жазба түрде, сондай-ақ электрон ҳүжжет көринисиндеги мүражаатына тийкар берилиўи мүмкин.

Буннан тысқары, суд искерлигине тийисли мағлыўмат ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы тарқатылады.

Нызамлы күшине кирген суд қарарлары тексти судтың ресмий веб-сайтында ийесизлестирилген ҳалда ямаса процесс қатнасыўшылары разылығы менен толық жария етилиўи мүмкин.

Судларда олардың искерлиги ҳаққында мағлыўмат алыўды тәмийнлеўши нызамға қайшы болмаған ҳәм судьялар ғарезсизлиги принципин бузбайтуғын басқа усыллардан ҳәм пайдаланыў мүмкин (яғный, пуқараларды, жәмийетлишик ўәкиллерин қабыл қылыў, брифинг, интервью баспасөз конференцияларын өткериў, ғалаба хабар қураллары ҳәм халық алдында шығыўлар қылыў, пресс-релизлер тарқатыў ҳәм т.б).

Жәмийетшилик пенен күнделикли байланыста болыўын тәмийнлеу мақсетинде судлардиң ресмий ўәкиллери ғалаба қураллары менен шериклик қылады.

Ҳәммемизге белгили, ашықлық ҳәм әшкаралық ҳәр қандай ҳакимиятқа болған исенимниң тийкарғы кепили болып табылады.

Қарарда суд ҳакимиятының ашықлығын ҳәм тазалығын тәмийинлеў мақсетинде ўәлаятлар ҳәм оларға теңлестирилген судлар, районлара, район (қала) судлары баслықлары:

жылына кеминде бир мәретебе пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин сондай-ақ кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлер ҳуқықлары ҳәм нызам менен корғалатуғын мәплерин суд тәрепинен қорғаў ҳалаты бойынша тийисли мәмлекет органына мағлыўмат усыныўлары;

айына кеминде бир рет судьялардың орынларда халық менен ушырасыўлары шөлкемлестириу кереклиги ҳаққында түсиндириў берилген.

Улыўма алғанда, усы қарар суд ҳәкимиятының анық ғәрезсизлигин тәмийинлеу, пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын суд арқалы қорғалып атырғанлығын, ислерди ашық ҳәм әшкара көрилиўинде нызамда нәзерде тутылған қадаған етилген жағдайлардан тысқары жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен еркин шериклик орнатыўдың кепиллиги болды десек, асыра айтқан болмаймыз.

 

Қарақалпақстан Республикасы жынаят

ислери бойынша судының судьясы:-                                               М.Байниязов

Жынаят ислери бойынша

Шымбай районы судының

баслығы:                                                                                               А.Хожанов

Пайдалы ресурслар
Skip to content