Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң басланғыш ҳаял-қызлары шөлкеми баслықларына ҳәзирги дәўирде глобал мәселе болып атырған “Гендер теңлик” мәселелери бойынша баспа сөз конференциясы болып өтти.
Конференция барысында ҳаял-қызларды ҳәр қандай зорлықлардан қорғаў, тәртип интизам ҳаққында кең түде түсиник жумыслары алып барылды. Сондай-ақ турмыста қыйналған ҳаял-қызларға арналған видеороликлер қойып берилип ҳәм қатнасыўшылар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.