1992-жыл 10-декабрь күни Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққындағы Нызам қабыл етилди

1992-жыл 10-декабрь күни Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққындағы Нызам қабыл етилди

10.12.2021 17:55:40 190 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни Өзбекстан Республикасы мәмлекетилк суверенитетиниң нышаны болып есапланады.

Нызамда Мәмлекетлик гимнниң атқарылыў орынлары ҳәм ўақытлары көрсетилген.

Нызамға тийкар Мәмлекетлик гимн:

– Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына кирисиў ўақтында — ант қабыл еткеннен кейин;

– Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы сессияларының ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жалпы мәжилислериниң ашылыўы ҳәм жабылыўы ўақтында;

3) Өзбекстан Республикасында белгиленетуғын улыўмамиллий байрамларға бағышланған салтанатлы жыйналыслар ҳәм мәжилислердиң ашылыў ўақтында;

4) мәмлекетлик телевидение ҳәм радиоеситтириўлер басланыўынан алдын ҳәм тамамланғаннан кейин, көрсетиў ҳәм еситтириўлер күни-түни алып барылған жағдайда саат 6 да ҳәм саат 24 те, жаңа жыл кешесинде – саат 24 те;

5) республиканың турмысындағы ең əҳмийетли тарийхый ўақыяларды белгилеў ушын көрнекли сиясий, мəмлекетлик, əскерий ғайраткерлердиң, халық қаҳарманларының, илим, əдебият ҳəм көркем-өнер ғайраткерлериниң ҳүрметине естеликлер, сондай-ақ монументлер, обелисклер ҳəм басқа да қурылыслар ашылыў ўақтында;

6) мəмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер тəрепинен өткерилетуғын мəресимлер ҳəм басқа да салтанатлы илажлар ўақтында Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағын көтериў ўақтында;

7) рәсмий сапар менен Өзбекстан Республикасына  келген шет ел мәмлекетлериниң мәмлекет ҳәм ҳүкимет баслықларын күтип алыў ҳәм шығарып салыў ўақтында – тийисли шет ел мәмлекетиниң мәмлекетлик гимни атқарып болынғаннан кейин;

8) əскерий мəресимлерди өткериў ўақтында – Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң улыўма əскерий уставларына муўапық;

9) улыўма орта, орта арнаўлы, кəсип-өнер ҳəм жоқары билимлендириў мəкемелеринде – жаңа оқыў жылы басланыўы ҳəм оқыў жылы тамам болыў мəресимлери ўақтында;

10) спорт майданларында – Өзбекстан Республикасы чемпионатларын, миллий сайланды командалар қатнасыўында халық аралық спорт жарысларын өткериў ўақтында ҳәмде халықаралық  спорт сайланды командаларының ўәкиллери болған жеңимпазларын сыйлықлаў мәресимлерин өткериў ўақтында;

11) Өзбекстан Республикасы Президенти, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, халық депутатлары Кеңеслери депутатлары сайлаўлары ямаса референдум күнлери – даўыс бериў өткерилетуғын имаратларда саат 8.00 де атқарылады.

 

 

 

 

 

Шымбай районы əдиллик

бөлими баслығы                                               М.М.Халмуратов

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content