Өзбекстан Республикасының инсан ҳуқықлары ҳәм мәмлекет суверенитети идеяларына садықлығын салтанатлы түрде жәрияланғанлығына мине бүгин 29 жыл толды. Ҳәзирги ҳәм келешек әӯладлар алдында жоқары жуӯапкершиликти аңлаған ҳалда, өзбек мәмлекетшилиги раӯажының тарийхий тәжирийбесине сүйене отырып, халықаралық ҳуқықтың улыӯма тән алынған қағыйдалары үстинлигин тән алған ҳалда, Республика пуқараларының мүнәсип турмыс кешириӯин тәмийинлеӯ мақсетинде 1992-жыл 8 -декабрь күни тарийхий ўақыя жүз берген еди. Ол Өзбекстан Республикаси Конституциясы қабыл етилген күни еди. Мине усы сәне мүнәсебети менен Шымбай районында «Конституция – келешегимиз тиреги» атамасында илаж өткерилди. Өткерилген салтанатлы илаж район хәкими А.Тажетдинов Өзбекстан Республикаси Конституцияси қабыл етилгениниң 29-жыллығы менен қутлықлады. Соңынан район прокуроры орынбасары Б.Байманова елимиз Конституциясының мәмлекет раўажы жолында тутқан орны бойынша баянат жасады.Кеше районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.