Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Шымбай районы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде “Мәртебең бәлент болсын Ана тилим!” атамасындағы байрам кешеси болып өтти.Илажда район ҳәкими А.Тажетдинов жыйналғанларды қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.Байрам концерт бағдарламасы менен қызғын даӯам етти.