Мүрәжатқа рәсмий жуӯап

Мүрәжатқа рәсмий жуӯап

12.10.2021 09:36:03 170 Баспаға шығарыў

Шымбай районы «Кеңес»  АПЖ «Ҳажы баба» аўылында жасаўшы пуқаралардың  социаллық тармақларға  жоллаған  мүрәжатына рәсмий мүнәсибет билдиремиз.

Атап айтқанда,  Өзбекстан Республикасының 2017-жыл                    11-сентябрь күнги 445-санлы «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың  арзалары ҳаққында» ғы Нызамы тийкарында  жуўапкер қәнийгелер тәрепинен үйренилип шығылды.

Шымбай районы «Кеңес» АПЖ  ( бурынғы М.Горький бөлими) ҳәзирги «Ҳажы баба» аўылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 7-июль күнги «Республика экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўын гүз-қыс дәўиринде турақлы ислеўге комплекс таярлаўды тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы   ПҚ-2367-санлы қарарының            1-қосымшасының 18-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңесиниң  2015-жыл   7-август күнги  «Пуқараларды тәбиий газ бенен тәмийинлеўди жәнеде жақсылаў, тәбиий газ тәмийнаты  аз аймақлардағы пуқараларды суйылтырылған газге   ҳәмде  тәбиий газ бенен турақлы тәмийинленетуғын аймақлардың  газ тармақларын жақсылаў бойынша   қосымша ил-илажлары ҳаққында»ғы  197-санлы               қарары, буннан  тысқары  Шымбай районы ҳәкиминиң 2015-жыл 13-июль күнги 294-санлы жуўмағы ҳәм «Кеңес»  АПЖ ақсақалының тәбиий газ жетип барыўы машқалалы болған аймақларды суйылтырылған газ бенен  тәмийинлеӯ ҳаққындағы  2015-жыл 28-июль күнги усынысы тийкарында «Кеңес» АПЖ  (бурынғы М.Горький бөлими) ҳәзирги «Ҳажы баба» аўылына газ басымы бир қәлипте жетип барыўы машқалалы аймақлар қатарында анықланып, суйылтырыған газ бенен тәмийинленди.

Тутыныўшыларға  «Чимбой тумангаз»  газ тәмийнаты бөлими тәрепинен  шәртнама тийкарында турмыслық газ баллонлары  ажыратылған ҳәмде арзан баҳада суйылтырылған газ бенен тәмийинленип келмекте. (1 кг суйылтырылған газ 1120 сўм) .

Бүгинги күнде Шымбай районы бойынша  тәбиий газ жетип  бармаслығы себебли газ тармағынан ажыратылған пуқаралар шаңарақларын газ тармақларына қайтадан  жалғаў имканиятлары қайта үйренилип шығылғанда, олардан 1588 пуқаралардың  шаңарақлары мәмлекетимиздиң тийисли тапсырмаларына   тийкарланып, тәбиий газ тармақларына қайта жалғаныў имканияты бар екенлиги анықланды.

Усы пуқаралар шаңарақларын тәбиий газ тармақларына қайтадан жалғаў, демонтаж  етилген газ тармақларын қайта тиклеў, тәртиплестириў, оңлаў ҳәм тәбиий Газ тармақларына қайтадан жалғаў мақсетинде жоқары турыўшы шөлкемлерге хат жолланғанлығы ҳәмде  «Кеңес» АПЖ  «Ҳажы баба»  аўылындағы 32 шаңарақ  дизимге киритилгенин мағлыўмат ретинде билдиремиз.

 

 

Шымбай тумангаз газ тәмийнаты бөлими

Пайдалы ресурслар
Skip to content