Тийкарғы мақсет халық саламатлығы

Тийкарғы мақсет халық саламатлығы

08.10.2021 17:40:33 177 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Э.Баситханова ҳәм Өзбекстан Республикасы  Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин асырыў орайы директоры Б. Одилова, Қарақалпақстан Республикасы Денсаӯлықты сақлаӯ министри М.Қурбановлар Шымбай  районындағы «Саламат турмыс» бағдарламасы бойынша шаңарақлық мийирбийкелердиң алып барып атырған ислери менен танысты. Оған муўапық, мәҳәлле кесиминде халықты жоқары ҳәм сапалы медициналық хызмет пенен қамтып алыў, ҳәрбир наўқас пенен жеке тәртипте, яғный ана ҳәм бала, туўыў жасындағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, сондай-ақ, майыплығы болғанлар, қан-тамыр, онкологиялық, эндокрин сыяқлы кеселликлерге мейиллиги болған пуқаралар менен ислесиў бойынша исленип атырған жумыслар көзден өткерилди ҳәм тийисли мәсләҳәт-усыныслар берилди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content