Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 29-сессиясы болып ɵтти

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 29-сессиясы болып ɵтти

07.10.2021 11:42:17 260 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги жигирма тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Сессияда сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде районлық Кеңес депутатлары қатнасты.

Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде

  1. “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәмде алда турған ўазыйпалар ҳаққында.
  2. Районлық сектор басшылары тәрепинен 2021-жылдың
    9 айы даўамында алып барған жумыслары ҳаққында.
  3. Шымбай районлар аралық Экономикалық суды тәрепинен 2021-жылдың 9 айы даўамында алып барған жумыслары ҳаққында.
  4. Районда жаңадан коммерциялық ҳәм арзанластырылған көп қабатлы турақ жайларды қурыў ҳаққында.
  5. “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Шымбай районлық бөлими жанындағы “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есап  бетине келип түскен қаржыларды жумсаў ҳаққында.
  6. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2021-жыл 26-августтағы 263-Б-санлы бийлигин тастыйықлаў ҳаққында.
  7. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Дәўлетмуратов Айдос Султанбаевичти Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары – Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы лаўызымына тайынлаў ҳаққындағы бийлигин тастыйықлаў.

8.Гүз қыс мәўсимине таярлык көриў бойынша маселелер корип шыгылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлериниң баянатлары тыңланды ҳәм сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content