Районлық кеңестиң сегизинши сессиясы болып өтти

Районлық кеңестиң сегизинши сессиясы болып өтти

19.08.2020 17:41:12 597 Баспаға шығарыў

Бүгин 2020-жыл 19-август күни Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң нәўбеттеги сегизинши сессиясы болып өтти. Онда, район сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары,тийислиги бойынша мәкеме басшылары ҳәм депутатлар қатнасты.Сессияны Шымбай районы ҳәкими,Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы П.Ещанов басқарып барды.Сессия қатнасыўшылары белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязовты бир минутлық үнсизлик пенен еске алды.

Дәслеп депутатлар сессияның секретариятын ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.Сессия күн тәртибинде; Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының  2020-жыл 26 –июньдеги 110-Б-санлы бийлиги ҳаққында.Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарының 2020-жыл 11-августтағы 12-Б-санлы бийлиги ҳаққында усынысын Халық депутатлары Шымбай районы Кеңесинде додалаӯ бойынша мәселелер көрип шығылды. Шымбай  районы медицина бирлеспеси баслығы ӯазыйпасын ӯақтынша орынлаӯшысы А.Тәжимуратовтың карантин талапларыныӊ басқышпа-басқыш жумсарыўы мүнәсибети менен пуқаралардыӊ санитария қағыйдаларына қатаӊ бойсыныў зәрүрлиги, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниӊ өз ўақтында ҳәм сапалы көрсетилиўи бойынша район халқына мүрәжаты тыңланды.Ал екинши мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2020-жыл 26-июнь күнги «Жолдасов Дамир Раӯажовичти Шымбай районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыӯ мәселелери бойынша биринши орынбасары-экономикалық раӯажландырыӯ ҳәм кәмбағаллықты қысқартыӯ бөлими баслығы лаӯазымына тайынлаӯ ҳаққында»ғы 110-Б-санлы бийлиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл 11-август күнги «Кайыпназаров Икметулла Шарибаевичти Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары –инвестициялар ҳәм сыртқы саӯда бөлими баслығы лаӯазымына тайынлаӯ ҳаққында»ғы 124-Б-санлы бийлиги оқып еситтирилди.

Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content