Суд тәреплердиң өз-ара келисиўи ушын шаралар көреди, оларға экономикалық суд ислерин жүритиўдиң барлық басқышларында даўды шешиўге көмеклеседи.
Тәреплер даўды келисим питимин яки медиатив келисим дүзиў арқалы шешиўи мүмкин. Келисим питими яки медиатив келисим даўа тәртибинде көрилип атырған ҳәр қандай ис бойынша дүзилиўи мүмкин.
Келисим питими ис жүритиўдиң ҳәр қандай басқышында ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў даўамында дүзилиўи мүмкин болса, медиатив келисим болса биринши инстанция суды ҳал қылыў қарарын қабыл етиў ушын ойласық ханасына шыққанға шекем дүзилиўи мүмкин.
Келисим питими жазба түрде дүзиледи ҳәм оған питимди дүзген шахслар тәрепинен қол қойылады. Келисим питимин судқа усыныўы ушын оны дүзген шахслар санынан бир нусқаға артық дүзилиўи лазым. Усы нусқалардың бири ис ҳүжжетлерине қосып қойылады.
Келисим питиминде жуўапкер тәрепинен миннетлемелерин кешиктирип яки бөлип-бөлип орынлаў ҳаққындағы, талап етип алыў ҳуқықынан басқа шахстың пайдасына ўаз кешиў ҳаққындағы, қарыздан толық яки қысман ўаз кешиў ҳаққындағы, суд қәрежетлерин бөлистириў ҳаққындағы шәртлер ҳәм нызамға қайшы болмаған басқа шәртлер көрсетилиўи мүмкин. Бирақ, келисим питиминиң шәртлери бойынша қабыл қылынған миннетлемелердиң орынланыўы тәреплерди бир-бирине яки басқа ўақыяларға (ҳәрекетлерге) байланыслы етип қойыўы мүмкин емес.
Келисим питимин тастыйықлаў туўрысындағы мәселе қайсы судтың өндирисинде болса, сол суд тәрепинен суд мәжлисинде көриледи. Келисим питими суд ҳүжжетин орынлаў басқышында дүзилген жағдайда, питим исти көрген биринши инстанция судына тастыйықлаў ушын усынылады.
Келисим питими исти биринши инстанция судында көриў даўамында дүзилген болса суд оны тастыйықлаў ҳаққында уйғарыў шығарады, онда ис өндиристен қысқартылғанлығы көрсетиледи.
Егер келисим питими орынлаў басқышында дүзилген болса келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы уйғарыўдың жуўмақлаўшы бөлиминде келисим питиминиң шәртлери ҳәм келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы жуўмағы көрсетиледи.
Ал, келисим питими апелляция яки кассация инстанция судында дүзилген болса, усы инстанция судларының келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы қарарының жуўмақлаўшы бөлиминде келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы мағлыўматлардан тысқары, ис бойынша алдын қабыл етилген барлық суд ҳүжжетлерин бийкар етиў ҳаққында көрсетпе болады.
Келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы суд ҳүжжети үстинен шағым берилиўи (протест келтирилиўи) мүмкин.
Келисим питимин дүзген шахслар оны усы питимде нәзерде тутылған тәртипте ҳәм мүддетлерде ихтиярый орынлаўлары керек. Егер келисим питими онда көрсетилген мүддетте ихтиярый орынланбаған жағдайда оны дүзген шахстың илтимаснамасы бойынша суд тәрепинен берилетуғын орынлаў хат тийкарында мәжбүрий орынланады.
Қарақалпақстан Республикасы
суды судьясы Гаўҳар Зарипова