ЖЕТИК ТӘЖРИЙБЕЛЕР ҮЙРЕНИЛДИ

ЖЕТИК ТӘЖРИЙБЕЛЕР ҮЙРЕНИЛДИ

23.09.2021 17:02:49 63 Баспаға шығарыў

“Халықты дизимге алыў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын ислеп шығыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Европа статистиклары конференциясының халықты дизимге алыўды өткериў бойынша тийкарғы принциплеры ҳәм усынысларын тийкар ретинде пайдаланылды. Соның менен бирге, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық аўқамы, Азия ҳәм Европа мәмлекетлери, атап айтқанда, Россия Федерациясы, Беларусь, Украина, Азербайджан, Қазақстан, Таджикистан, Киргизстан, Қубла Корея, Индия, Уллы Британия, Франция, Германия, АҚШ, Канада ҳәм басқа мәмлекетлердиң бул тараўдағы тәжирийбелери үйренилинип, нызам жойбарын ислеп шығыўда пайдаланылды.

Нызам бес бап ҳәм отыз бир статьядан ибарат болып, онда нызамның мақсети, тийкарғы түсиниклер, халықты дизимге алыўдың ўазыйпалары ҳәм принциплери көрсетип берилген. Тийкарғы принциплерден бири ретинде удайы тәкирарланатуғынлық принципи, яғный халықты дизимге алыў он жылда кеминде бир рет өткерилиўи ҳәм де халықты дизимге алыўды өткериў туўрысындағы қарар Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилиўи белгилеп қойылған. Халықты дизимге алыў процессинде шахсқа тийисли мағлыўматлар Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге алыў бетлери тийкарында ҳәр бир респондент ушын жеке тәртипте толтырылады. Яғный дизимге алыўшы шахслар тәрепинен үйме-үй жүрип, ҳәр бир респондент ушын бөлек толдырылады.

 

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content