Республикамызда инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға, шет ел ҳәмде жергиликли инвесторлардың мәплерин қорғаў барысындағы ҳуқықый механизмлерди жетилистириўге қаратылған ис-иләжларға айрықша итибар қаратылып келмекте.
Соңғы жылларда республика Президенти ҳәм Ҳүкимети тәрепинен усы жөнелисте бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл қылынды.
Усы ис-иләжлардың ҳуқықый даўамы сыпатында ϴзбекстан Республикасы Президентиниң “Судлар жумысын жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин асырыўға байланыслы ис-иләжлар ҳаққында”ғы 2020-жыл 24-июль күнги Пәрманы қабыл етилип, усы Пәрманның 3-бәнтинде ϴзбекстан Республикасы Жоқары суды, ϴзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәмде Саўда-санаат палатасының Жоқары суд дүзилмесинде жигирма миллион АҚШ доллары эквивалентинен кем болмаған муғдарда инвестицияны әмелге асырған физикалық яки юридикалық тәреплер, яғный ири инвесторлар ҳәмде мәмлекетлик уйымлардың ортасында жүзеге келетуғын инвестициялық даўлар ҳәмде бәсекиликке байланыслы ислерди көриў ўәкиллиги берилген судлаў қурамын дүзиў ҳаққындағы усынысы мақулланған.
Буннан тысқары, усы Пәрман менен инвестициялық даўлар бойынша ири инвесторлардың, бәсекиликке байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине муўапық усы категориядағы ислер тиккелей Судлаў қурамы тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи белгиленген болса, қалған инвестициялық даўлар инвесторлардың қәлеўине көре Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Соның менен бирге, Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Суд қарарларын қайта көриў институты жетилистирилиўи мүнәсебети менен 2021-жыл 12-январь күнги ϴзбекстан Республикасының 663-санлы Нызамы қабыл етилип, Нызам менен ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине тийисли өзгерис ҳәм қосымша киритилди.
Шымбай районлар аралық
экономикалық судының баслығы: З.Бердимуратов