Даўа мүддети шахс өзиниң бузылған ҳуқықын даўа қозғатыў жолы менен қорғаўы мүмкин болған мүддет есапланады.
Улыўма даўа мүддети үш жыл. Айырым түрдеги талаплар ушын нызамларда улыўма даўа мүддетине қарағанда қысқартырылған яки узайтырылған арнаўлы даўа мүддетлери белгилениўи мүмкин. Арнаўлы даўа мүддетиниң бундай деп аталыўына себеп, ол улыўма (үш жыллық) мүддеттен көп яки кем ўақытқа белгиленеди.
Даўа мүддетлери тек ғана нызам менен белгиленетуғын болғанлықтан пуқаралық кодекси бундай мүддетлерди белгилеўши бирден-бир ҳүжжет емес.
Мысалы, жуўапкершилиги шекленген яки қосымша жуўапкерли жәмийет қатнасыўшыларының улыўма жыйналысының қарарын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы, эмиссиялық баҳалы қағазларды шығарыў менен байланыслы болған қарарларды ҳақыйқый емес деп табыў, эмиссиялық баҳалы қағазлардың шығарылыўын, эмиссиялық баҳалы қағазларды жайластырыў процессинде дүзилген питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў, темир жол Уставынан келип шығатуғын даўалар бойынша арнаўлы даўа мүддетлери белгиленген. Егер нызам ҳүжжетлеринен басқаша тәртип белгиленген болмаса Пуқаралық кодексиниң 152-162-статьяларының қағыйдалары арнаўлы даўа мүддетлерине де қолланылады.
Көрсетилген улыўма даўа мүддети де, арнаўлы даўа мүддети де тәреплердиң келисими менен өзгертилиўи мүмкин емес. Усы мүнәсебет пенен исти судта көриӯ даӯамында даӯа мүддетлери ҳәм оны есаплаӯ тәртиби исте қатнасыӯшы шахслардың келисими менен өзгертилгенлиги анықланса, бундай келисим Пуқаралық кодексиниң 116-статьясына тийкар өз-өзинен ҳақыйқый емес болып есапланады ҳәм суд тәрепинен итибарға алынбайды. Бул ҳаққында суд ҳүжжетиниң тийкарлаӯшы бөлиминде көрсетиледи.
Сондай-ақ, мәжбурияттағы шахслардың алмасыўы даўа мүддети ҳәм оны есаплаў тәртибиниң өзгериўине алып келмейди.
Даўа мүддети шахс өзиниң ҳуқықы бузылғанлығын билген яки билиўи мүмкин болған күннен баслап өте баслайды.
Бузылған ҳуқықты қорғаў талабы даўа мүддетиниң өткенлигине қарамастан судта көрип шығыў ушын қабыл қылынады. Даўа мүддети суд тәрепинен тек жуўапкердиң суд қарар шығарғанға шекем берген арзасына муўапық қолланылады. Егер бундай арза исте қатнасыўшы басқа шахслар тәрепинен берилген болса, ол инабатқа алынбаслығы керек. Сондай-ақ, суд өзиниң иницитативасы менен даўа мүддетин қоллаўға ҳақлы емес.
Егер исте бир неше жуӯапкер қатнасып атырған болып, олардың биреӯи даӯа мүддетин қоллаӯ ҳаққында арза берсе, даӯа мүддети тек ғана усы шахсқа ғана қолланылады.
Егер бир даӯа арзада бир неше өз алдына бийғәрез болған талаплар билдирилген болып, олардың айрымларының даӯа мүддети өткен, айрымлары бойынша өтпеген болса, даӯа мүддети өтпеген талаплар бойынша даӯа мүддети өткенлигин тийкар етип, даӯа арзаны қанаатландырыӯсыз қалдырыӯ мүмкин емес.
Дәслепки даўа талабына қарсы даўа билдирилген тәғдирде, даўа мүддетин қоллаў ҳаққындағы арза дәслепки даўа бойынша даўагер есапланған шахс тәрепинен де берилиўи мүмкин.
Нызамда даўа мүдддетин қоллаў ҳаққындағы арза қандай формада берилиўи көрсетилмегенлиги себепли, бундай арза ҳәм жазба, ҳәм аўызеки түринде тиккелей суд процессинде де берилиўи мүмкин. Арзаның аўызеки билдирилгенлиги әлбетте көрип шығылыўы ҳәм бул ҳаққында суд мәжлиси баяннамасында көрсетилиўи керек.
Даўа мүддети өткенлиги ҳаққындағы жуўапкердиң арзасын көрип шығыўда суд даўа мүддети өтпегенлигин анықласа ямаса даўа мүддети тиклениўи (даўагердиң арзасына муўапық) лазым деген жуўмаққа келсе, жуўапкердиң даўа мүддетин қоллаўды сораған арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылып, бул ҳаққында уйғарыў шығарады ҳәм даўаның мазмунан көрип шығылыўын жәриялайды.
Егер даўагер даўа мүддетин тиклеў ҳаққында илтимаснама бермесе яки бундай илтимаснама қанаатландырылмаса, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында ҳал қылыў қарарын қабыллайды.
Усы орында мысал келтирсек. «Магнит финанс” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети менен Қоӊырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети ортасында 2016-жыл 15-август күни 21/16-санлы шәртнама дүзилген. Шәртнаманыӊ шәртлерине муўапық, даўагер аудит өткериў, ал жуўапкер көрсетилген хызмет ушын 90.000.000 сўм төлеӯ миннетлемесин алған. Шәртнаманыӊ 1.1.1-бәнтине тийкар, исти жуўмақлаў мүддети 2017-жыл 31-мартқа шекем деп келисилген.
Даӯагер «Магнит финанс” жуўапкершилиги шекленген жǝмийети экономикалық судқа даўа арза менен мүрǝжат етип, “Қоӊырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жǝмийетинен 90.000.000 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 45.000.000 сўм пеня өндириўди сораған.
Исти көриӯ даӯамында жуӯапкер даӯа мүддетин қоллаӯды сорап арза берген. Биринши инстанция суды арзаны қанаатландырыӯсыз қалдырған ҳәм 2020-жыл 02-декабрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арзаны қысман қанаатландырып, жуўапкерден даўагер пайдасына 90.000.000 сўм тийкарғы қарыз, 9.000.000 сўм пеня өндирген.
Ис апелляция инстанция судында көрилгенде шәртнаманыӊ 1.1.1-бәндинде аудит өткериў мүддети 2017-жыл 31-мартқа шекем деп белгиленгенлиги, шәртнаманыӊ 2.2-бәндинде шәртнама бойынша төлем 3 банк күни ишинде төлениўи лазымлығы, даўагердиӊ даўа арзасы бойынша даўа мүддети 2020-жыл 04-апрель күни өтип кеткенлиги анықланған.
Сонлықтан, апелляция инстанция судының 2021 жыл 4 февраль күнги қарары менен ҳал қылыӯ қарары бийкар етилип, даӯа арзаны қанаатландырыӯсыз қалдырыӯ ҳаққында жаңа шешим қабылланған.
Даӯагер даӯа мүддетиниң өткенлигин билмеген ҳалда даӯа арзасы менен судқа мүрәжат еткен болса ҳәм жуӯапкер даӯа мүддетин қоллаӯды сораса, даӯагердиң бул мәселе бойынша пикири тыңланыӯы лазым. Егер бундай жағдайда даӯагер даӯа мүддети өткерип жиберилгенлигиниң себебин үзирли деп табыӯ ҳаққында арза берсе, ол додаланыӯы ҳәм ҳуқықый баҳа берилген ҳалда усы арзаны қанаатландырыӯ яки қанаатландырыӯсыз қалдырыӯ ҳаққындағы мәселе шешилиӯи лазым.
Даӯа арзаға даӯа мүддетин тиклеӯ ҳаққында арза қосымша қылынған яки даӯа арзада даӯа мүддетин тиклеген ҳалда оны өндириске қабыллаӯ соралған болса, егер даӯа арза өндириске қабылланған жағдайда даӯа мүддетин тиклеӯ мәселеси суд мәжлисинде жуӯапкер тәрепинен даӯа мүддетин қоллаӯ соралғанда ғана шешиледи.
Даўа мүддетин қоллаў ҳаққындағы арза тек ғана биринши инстанция суды тәрепинен ҳал қылыў қарары қабылланғанға шекем берилиўи керек. Егер бундай арза исти апелляция яки кассация инстанция судында көриў даўамында берилсе, ол қанаатландырылмайды ҳәм бул ҳаққында сул ҳүжжетиниң тийкарлаўшы бөлиминде көрсетиледи
Қарақалпақстан Республикасы
судының экономикалық ислери
бойынша судлаӯ коллегиясының
судьясы Гаўхар Зарипова