Айырым пуқаралар тәрепинен эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларының бузылыўы, карантинли ҳәм инсан өмири ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында карантин талапларына басшылық етпеслик ҳалатлары көп ушырамақта.
Бул жағдай тек қана шахстың өз өмири ҳәм денсаўлығына бәлким коронавирус инфекциясы тийкарынан жақын аралықта түшкиргенде, жөтелгенде, аўадан мурын ҳәм дем алыў жоллары арқалы, сондай-ақ, қол берип сәлемлескенде жуқтырыўы мүмкинлиги ушын басқа шахслардың өмири ҳәм денсаўлығы ушын қәўип туўдырады.
Сонлықтан, 2020-жыл 26-март күни «Өзбекстан Республикасының Жынаят, кодексине, Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы кодекслерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ЎРҚ-613-санлы нызам қабыл қылынды ҳәм бул өзгерис ҳәм қосымшалар 2020-жыл 27-март күнинен баслап өз күшине кирди.
Яғный, Жынаят кодексине «Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў, деп аталған 244(5)-статья менен толтырылды.
Усы статьяның 1-бөлимине көре, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлар тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын кеселликлер ҳаққындағы мағлыўматларды тарқатқанлық ушын базалық есаплаў муғдарының еки жүз барабарына шекем жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса еки жылға шекем мийнетке дүзетиў иси жазасы менен жазаланыўы белгиленген.
Усы статьяның 2-бөлиминде оның биринши бөлиминде көрсетилген мағлыўматларды баспа қылыў ямаса басқаша усылда көбейттирилген тексте яки ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, интернет хабар тармағы арқалы тарқатыў базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем жәрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса еки жылдан үш жылға шекем дүзетиў иси ямаса үш жылға шекем азатлықтан шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў жазалары менен жазаланыўы белгилеп қойылды.
Буннан тысқары, Жынаят кодексиниң 257(1)-статьясы жаңа редакцияда қабыл қылынып, усы статьяның 1-бөлиминде санитарияға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ямаса эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў, соның ишинде, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында мәмлекетлик санитария бақлаў органларының медицина тексериўинен өтиў ҳәм емлениў, карантинди өтеў ушын белгиленген орынларға жетип барыў ҳәм усы орынлардан белгиленген мүддет ишинде кетип қалмаў, кеселлик жуғыў қәўпи бар болған шахслар ҳәм барылған орынлар ҳаққындағы мағлыўматларды әшкара қылыў ҳаққындағы ямаса басқа нызамлы талапларын үзирли себеплерсиз орынламаў адамлардың ғалабалық кеселлениўи ямаса зәҳәрлениўи реал қәўпин келтирип шығарғанлығы ямаса адамлардың ғалабалық кеселлениўине ямаса зәҳәрлениўине алып келгенлиги ушын жынайый жуўапкершилик белгиленип, усы жынайый ҳәрекетлер базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есеси муғдарында жәрийма салыў ямаса бес жылға шекем арнаўлы ҳуқықтан айырып ямаса еки жылға шекем мийнетке дүзетиў иси жазасы ямаса бир жылдан үш жылға шекем азатлықтан шеклеў ямаса бес жылға шекем (усы статьяның ески редакциясында үш жылға шекем) еркинен айырыў жазалары менен жазаланыўы белгиленди.
Усы қылмыс адамның өлимине себеп болса, жаза оннанда аўырырақ болады, яғный еки жылдан үш жылға шекем мийнетке дүзетиў иси ямаса үш жылдан бес жылға шекем азатлықтан шеклеў ямаса бес жылдан жети жылға шекем (статьяның ески редакциясында үш жылдан бес жылға шекем) еркинен айырыў жазалары менен жазаланыўы мүмкин.
Жоқарыда көрсетилген қылмыс адамлардың өлимине себеп болса, жети жылдан он жылға шекем (статьяның ески редакциясында бес жылдан сегиз жылға шекем) еркинен айырыў жазасы менен жазаланыўы белгиленген.
Nargiz Shımbay Hawazı, [19.08.20 17:09]
Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы кодекстиң «Ҳәкимшилик жаза», деп аталған 3-бабы жаңа редакцияда «Ҳәкимшилик жаза ҳәм мәжбүрлеў шарасы», деп аталды, Кодекс жаңа «Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында медициналық характердеги мәжбүрлеў шарасын қоллаў» бойынша 292-статья менен толтырылды.
Усы статьяға тийкар, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шәраятында эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыўға байланыслы ҳуқықбузарлық сәдир еткен шахсқа тийисли медициналық асаслар бар болған жағдайда, мәмлекетлик санитария бақлаў органлары тәрепинен карантинде сақлаў ямаса емлениў тәризиндеги медициналық ҳарактердеги мәжбүрлеў шарасы қолланылыўы мүмкинлиги көрсетилген.
Медициналық ҳарактердеги мәжбүрлеў шарасы отыз суткаға шекем болған мүддетте ҳәкимшилик жаза тайынлаў менен бирге қолланылыўы ҳәмде мәмлекетлик санитария бақлаў органлары тәрепинен белгиленген орынларда орынланыўы ҳәмде медициналық ҳарактердеги мәжбүрлеў шарасының орынланыўы мәмлекетлик санитариялық бақлаў, ишки ислер ҳәм Миллий гвардия органлары тәрепинен тәмийинлениўи нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Республикасы жынаят
ислери бойынша судының судьяси М.Байниязов
Жынаят ислери бойынша
Шымбай районы судының
баслығы: А.Хожанов