Быйылғы пахта жыйым-терим мәўсими дәўиринде халқымыз үйлесимлилик пенен қырманға жәрдем бермекте.
Теримшилердиң мийнетин мүнәсип баҳалап, ҳармасын айтыў мақсетинде район ҳәкими А.Тажетдинов «Шымбай таласы» Ж.Ш.Ж 2021- жыл зүрәәти ушын пахта атызындағы теримшилердиң жағдайынан хабар алды.Теримшилерге районлық Мәденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы түслик ӯақтында инәм етилди.
Теримшилердиң жүзиндеги күлки, мийнетиниң мүнәсип баҳаланыўы көплеген жасларды пидайы мийнет етиўге бағдарлайды.