Не ушын халықты дизимге алыў халықтың турмыс дәрежесин ўйрениўде әҳмийетли?
Халықты дизимге алыў социал-экономикалық сиясатты ислеп шығыў халық турмысын жақсылаўда жәрдем беретуғын қарарлар қабыл қылыўға имкан береди. Буннан тысқары миллиярдлап мәмлекет қаржыларын әдиллик пенен бөлистириўде жәрдем береди бунда тәлим дәстүрлери, ден саӯлықты сақлаӯ системасы, ҳуқық қорғаӯ органлары ҳәм автомобиль жолларын қурыў сыяқлы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаӯшы илажлар, аймақтағы халық санына қарап қаржыландырылады. Улыўма алғанда, халықты дизимге алыў арқалы мәмлекетимиз қандай өзгерип атырғанлығын гүзетиўге болады.
Халықты дизимге алыў мағлыўматлары тек-ғана қарар қабыл қылыўшылар, статистика системасы ҳәмде нызам шығарыӯшы мамлекет органлары ушын ғана емес, сондай-ақ иззертлеӯ ҳәм маркетинг компаниялары, сектор ҳәм сиясый партиялар ушында қымбатлы мағлыўматлар дереги болып табылады.
Дизимге алыў алымлар айтқанындай есабатларда анықланбаған мағлыӯматларды алыў ямаса оның мағлыўматларын тексериў ушын арнаўлы дүзилген статистик гүзетиў түри есапланады. Әдетде халықты дизимге алыӯ бир қатар қәсийетлер бойынша статистик гүзетиў объектлериниң саны, қурамы ҳәм жағдайы ҳаққында мағлыўмат алыў ушын үзликсиз түрде әмелге асырылады.
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ