Шымбай районы «Бахытлы» аӯыл пуқаралар жыйыны Арсары аӯылы турғыны Қалиева Гулистаның социаллық тармақлар арқалы шақапшаға тапсырған сӯйылтырылған газ баллоның кешигип бир айдан берли ала алмай жүргенлиги ҳәм Арсары аӯылын тәбий газ тармағына қайта жалғаӯ мәселесинде жәрияланған мүрәжатын тийисли қәнийгелер менен биргеликте үйренип шығылды. Мүрәжатти үйрениӯ даӯамында “Бахытлы” аӯыл пуқаралар жыйыны Арсары аӯылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 7-июль күнги қарарыниң 1-қосымшасы 18-бәнти, усы қарар тийкарында, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 18-марттағы №26 санлы мәжилис баянламасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2015-жыл 7-майдағы 04-08/05/253-санлы мәжилис баянламасы ҳәмде район ҳәкиминиң 2015-жыл 13-июлдағы 294-санлы шешими қабыл етилип, Шымбай районы “Бахытлы” аӯыл пуқаралар жыйыны Арсары аӯылына бир нешше жыллардан берли тәбийий газ басымы жетип барыӯ имканы төмен болғанлықтан тармақтан ажыратылып сӯйылтырылған газ баллонға масластырылды. Бул бойынша “Бахытлы” АПЖ ақсақалы С.Розымов атынан 2015-жыл 28-июль күнги 1061-санлы Усыныс хатына тийкар, 2020-жыл 6-сентябрь күни “Бахытлы” АПЖ имаратында тәбийий газ тармағынан ажыратылып суйылтырылған газге ийкемлесиӯге мәжилис өткерилди. Бүгинги күнде “Шымбайтумангаз” газ тәмийнаты бөлими тәрепинен суйылтырылған газ баллонлар менен арзанластырылған баҳада тәмийнленип, (1-кг сӯйылтырылған газ 1120 сумнан) жеткерилип берилмекте.
Бүгинги күнде район аймағында сӯйылтырылған газге масластырылған хожалықларды өз ӯақтында сӯйылтырылған газ баллонлар менен тәмийнлеӯ илажлары көрилип атырғанлығын мағлыӯмат ретинде билдиремиз.