Райондағы «Шахтемир», «Темир жол гүзары», «Кѳнши», «Бердақ», «Кѳкши қала», «Жипек жолы», «Абат макан» ҳәм «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйынлары, дийқан базары ҳәм оның әтирапындағы саӯда орынларында пуқаралар тәрепинен карантин қағыйдалары талапларының орынланыӯы үйренип шығылды ҳәмде орынларда бир қатар талаплардың бузылыӯ жағдайлары анықланды.
Рейд даӯамында «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан ѳтиӯши «Нѳкис-Шымбай- Қазақдәрья» асфальт жолында пуқаралардың гилем қағып атырған факты анықланды. Бундай жағдайларда жол транспорт ҳәдийсеси келип шығыӯы қала берсе бул мәдениятымызға сай емес екенлиги ҳаққында гилем қағып атырған үй бийкелерине түсиник жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ қаламызға сән берип турған дүкан имараты алдына нызамсыз хәр қыйлы буйымлар менен азық-аӯқат ѳнимлерин ашық далада сатыӯға қойған исбилерменлерге де түсиник жумыслары алып барылды.
Рейд жумыслары ҳәр күни даӯам етеди.