Тәреплер медиация келисимине келди

Тәреплер медиация келисимине келди

25.06.2020 15:51:51 543 Баспаға шығарыў

Кейинги ўақытларда әмелиятта «медиация», «медиатор» сөзлерин ушыратып қаламыз…

Лекин бул түсиниклер әмелиятта тез-тез қолланылмағанлықтан, көпшиликке бул  атамалар  жаңа атамалардай болып түсиниледи.

Усы орында айтып өтиўимиз лазым, 2018-жыл 3-июль күни Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында» ғы нызамы қабыл етилген болып, нызам 2019-жыл 1-январь күнинен баслап нызамлы күшине кирди.

Бул нызамда тийкарынан нызамның мақсети, медиация ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, нызамның әмел қылу тараўлары, тийкарғы түсиниклери, медиацияның тийкарғы принциплери,  қупыялықтың тийкарғы принциплери, қупыялық принципи, ықтыярыйлық принципи, тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўи ҳәм тең ҳуқықлылығы, медиатордың ғәрезсизлиги ҳәм қалыслығы принциплери. Медиация қатнасыўшылары, медиация тәреплериниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери, медиаторға тийисли талаплар. Медиатордың ҳуқыклары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилиги, профессионал медиатор реестри, медиацияны қоллаў шәртлери, медиацияны қоллаў ҳаққындағы келисим, мәмлекет органының ис бойынша медиация тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў ўақтындағы ҳәрекетлери, даўа мүддетиниң өтиўин тоқтатып турыў, медиацияның тамамланыўы, медиацияны қоллаў ўактындағы шеклеўлер, медиатив келисим, медиатор искерлигшине ҳақ төлеў, даўларды шешиў, сондай-ақ медиация ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик мәселелери ҳаққында белгиле қойылған.

Усы нызамның 4-статьясына муўапық медиация – бул келип шыққан даўды тәреплер өз-ара альтернатив қарарға ерисиўи ушын олардың ықтыярый разылығы тийкарында медиатор жәрдеминде шешиў усылы болып табылады.  Медиатор – медиацияны әмелге асырыў ушын тәреплердиң өзлери тәрепинен тартылатуғын шахс. Медиатив келисим – медиацияны қоллаў нәтийжесинде медиация тәреплери тәрепинен ерисилген келисим болып табылады.

Усы орында итибарыңызды суд әмелиятында ушыраған төмендеги мысалға қаратпақшымыз (мақаладағы ўақыялар, сан көрсеткишлери өзгертилген)…

Нөкис районлар аралық экономикалық судына даўагер ….   жуўапкер «жуўапкершилиги шекленген жәмийети” нен  68 000 000 сўм қарыз,                4 992 438 сўм  пеня,   жәми 72 992 438 сўм өндириў ҳаққындағы даўа арза менен мүрәжаат еткен. Суд мәжилисинде тәреплер өз-ара медиация келисимине келгенлигин, тәреплер орталарында медиация келисими дүзилгенлигин билдирип, медиация келисимин судқа усынған. Суд тәреплердиң медиация келисимин қабыл етип, даўа арзаны көрместен қалдырған.

Себеби, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107-статьясы, 53-бәндине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген болса, даўа арза көрместен қалдырылады деп белгиленген.

Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл            6-январь күнги  ЎРҚ-600-санлы нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәндине тийкар егер тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилген болса, арза көрместен қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген. Нызамға тийкар бул ислер бойынша даўагер нызамға тийкар мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы өндирилмеген.

Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында» ғы нызамының       3-статьясына муўапық бул нызамның әмел қылыўы пуқаралық ҳуқықый мүнәсебетлерден, солар қатары исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў мүнәсебети менен келип шығатуғын даўларға, сондай-ақ жеке мийнет даўларына ҳәм шаңарақ ҳуқықый мүнәсебетлерден келип шығатуғын даўларға медиацияны қоллаў менен байланыслы мүңәсебетлерге, егер нызамда басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, қолланылады деп деп белгиленген.

Жоқарыда келтирип өткен мысалымыздан көринип турғанындай, нызам қабыл етилдиме, ол ҳәрекетке түсе баслайды. Оны туўры түсиниў ҳәм талқылаў, әмелиятта қоллана билиў бәршемизден ҳуқықый саўатлылықты талап етеди. Тәреплердиң бүгинги пандемия шараятында бир-бирине инсаныйлық жәрдеми сыпатында суд қарары шығаман дегенше өз-ара келисимге келиўлери қуўанарлы әлбетте.

Пикиримиздиң жуўмағы сыпатында, соны айтпақшымыз, тәреплер медиация келисимине келиўде нызам талапларына әмел қылыўлары ҳәм ақыбетлерин терең түсинген ҳалда қоллаўлары лазым болады. Усы орында халқымыздың ҳәр бир юридикалық ҳүжжет ҳуқықый ақыбет келтирип шығаратуғынлығын терең түсиниўинде ҳәм ҳуқықый саўатлылығының асыўында деп баҳаласақ қателеспеген боламыз.

 

Нөкис районлар аралық

экономикалық судының судьясы:                             Ш.Абдыжемилова

Пайдалы ресурслар
Skip to content