Шымбай районлык медицина бирлеспеси Өзбекстан Республикасы Министрлер Кенесиниң 2020-жыл 10-январь кунги 16-санлы, Денсаулыкты сақлаӯ Министрлигине қараслы емлеӯ профилакита мекемелеринде «аутсорсинг» хызметлерин еңгизиӯ ҳаққындағы қарарына тийкарланып наӯкасларға сапалы хызмет көрсетиӯ ушын бирлеспе асханасын «аутсорсинг» хызметине тапсырыӯ мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрель күнги “Мәмлекет саӯдалары хаккындағы 472-санлы Нызамына муӯапық конкурс өткерилиӯи болып өтти.
Бул конкурска 5 жуӯапкершилиги шекленген жәмийет қатнасты.
Бул конкурста ең жоқары 690 балл менен “Шымбай-Сарымсақ” фермер хожалығы көп тәжирийбеге ийе екенлиги есапқа алынып бирлеспениң асханасын тапсырыӯды мақул деп тапты.