Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиндеги ӨзМТДП фракциясы ағзалары, халық депутатлары Шымбай ҳәмде Қараөзек районлары Кенеси депутатлары менен биргеликте Шымбай районы «Мириўбет ерлер интернаты» үйине барды.
Дәслеп депутатлар интернаттағы шарт-шараятлар ҳәмде бағылыўшылар жағдайы менен танысып, Курбан хайты мүнәсибети менен қой сойылып,азық-аўқат өнимлери тапсырылды.