Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарарына тийкар, Қурбан ҳайыт байрамы мүнəсибети менен «Мəҳəлле» қайырқомлық жəмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы басқарыў бɵлими жанындағы «Сақаўат ҳəм кɵмек» қоры тəрепинен Шымбай районындағы «Темир дəптер», «Ҳаяллар дəптери» ҳəм «Жаслар дəптери» дизиминде турыўшы шаңарақларды социаллық ҳəм материаллық тəрептен қоллап-қуўатлаў мақсетинде, аймақлардағы 270 шаңараққа жəми 47 млн 538 мың сўмлық азық-аўқат ɵнимлери бийпул тарқатылды.