Шымбай районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында Халық депутатлары Шымбай районы Кеңесиниң алтыншы сессиясы болып өтти. Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқық хәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниӊ Нызамшылық, суд-ҳуқық хәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитет баслығы З.Реймова, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Ⱪарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы Р.Матқурбанов сондай-ақ район ҳәкими П.Ещанов,Халық депутатлары районлық Кеңес депутатлары,сектор басшылары, мекеме, шөлкемлер басшылары қатнасты. Күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша сектор басшыларыныӊ мәлимлемелери, инвестиция дәстүрлериниӊ орынланыўы, жергиликли бюджет дәраматларын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша. Сондай-ақ 4 сектор басшылары ҳәм тийисли тараў басшыларының есабатлары тыңланды. Депутатлар тәрепинен бир аўыздан мақулланды. Сессияға қатнасқан Сенат ағзасы ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатлары тәрепинен пикир ҳәм усыныслар билдирилип, сессия өз жумысын жуўмақлады.