Халықты дизимге алыў арқалы тек ғана ҳалық ҳаққындағы мағлыўматлар емес, бәлки мәмлекеттиң социал-эканомикалық раўажланыў қурамы хаққында мағлыўматларды алыўға ерисемиз. Халықты дизимге алыў сораўнамасында тек демографиялық мағлыўматларды жыйнаў менен шекленип қалмайды. Халықты дизимге алыў сораўнамасы халық саны, жасы, жынсы, миллий қурамы, мағлыўмат дәрежеси, неке жағдайы, бәнтлиги сыяқлы бир қатар көрсеткишлерден тысқары жасаў шараяты, дәраматлар ҳәм басқада көрсеткишлер хаққында мағлыўматлар алыўдың дереги болып саналады.
Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан Республикасында Халықты дизимге алыў илажы өткерилмеген болып, усы илаждың дәслепки мәрте өткерилиўин инабатқа алып, илажға таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде 2023-жылда өткериў белгиленди. Соңғы рет Өзбекстан Республикасы аймағында Халықты дизимге алыў илажы 1989 жылда өткериген. Халықты дизимге алыўдың сапалы өтиўи, халыкты сораўнамалардағы сораўлардың мазмун мәнисин түсингенлик дәрежесине байланыслы. Дизимге алыўды баслаўдан алдын халық арасында түсиндириў жумыслары алып барылады. Ҳәзирде Республикамыз бойлап түсиндириў жумыслары жергиликли баспасөз арқалы, радио ҳәм телевидениелер арқалы, мектеплер ҳәмде басқада шөлкемлерде семинарлар ямаса көргизбели үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ.