Муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти

Муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти

07.07.2021 18:06:07 344 Баспаға шығарыў

Бүгин районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының пуқаралық ислери бойынша прокурор ӯәкиллигин тәмийинлеӯ бөлими баслығы Ж.Бахитов , районның сектор баслықлары кәрхана, мекеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты. Кеңесте район прокурорының орынбасары Б.Байманованың нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў барысында 2021-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған прокурор бақлаўы жумысларының жуўмақларын додалаў ҳәм де алдағы ўазыйпаларды белгилеў, районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы Кеңесиниң 2021-жыл екинши ярымына белгиленген ис режесин тастыйықлаў бойынша баянаты тыңланды. Буннан соң, мәжилис қатнасыўшылары да шығып сөйлеп 2021-жылдың биринши ярымында жумыс бабында жол қойылған қәте-кемшиликлер қатаң түрде сынға алынды ҳәм де орынланыўы бойынша тийисли тараӯлар бойынша ислениӯи керек ӯазыйпалар белгиленди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content