Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәмде район аймағындағы пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм орынбасарлары, жуўапкер макемелердиң қатнасыўында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет хуқық инспекторы П.Турсынов ҳәм Е.Утепбергеновлар басшылығында “Ҳаял-қызлар машқалаларын системалы шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў” бойынша Республика комиссиясының кеңейтирилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар бойынша семинар өткерилди. Семинар даӯамында шөлкемлестирилген исши топарларға хатлаў илажларын өткериў бойынша кең түрде түсиниклер берилип, қатнасыўшылар өзлерине қызықтырған сораўларга жуўаплар алды.