Дизимге алыӯдың ҳуқуқый тийкарлары

Дизимге алыӯдың ҳуқуқый тийкарлары

25.06.2021 09:51:05 218 Баспаға шығарыў

Дизимге алыӯ көплеген мәмлекетлерде, оның методологиясына қарамастан, дизимге алыӯға таярлық көриӯ ҳәм оны өткериӯ ушын төмендеги маселелерди тәртипке салыӯшы ҳуқуқый тийкарлар талап қылынады.

  • дизимге алыӯ жумыслары ушын қаржы ажыратыӯ;
  • дизимге алыӯдың улыӯмалық қамраӯы, мазмуны ҳәм ӯақты;
  • дизимге алыӯ ушын жуӯапкер мәкемелер ҳәм басқалар ортасындағы  өзара қатнасықлар, оны өткериӯ менен байланыслы мәмлекетлик органлардиң ӯазыйпаларын бөлистириӯ;
  • дизимге алыӯ мағлыӯматларын алыӯ ушын дизимге алыӯшы қәнийгелерди ислетиӯ ҳәм мағлыӯматларды жайында топланыӯын тәмийинлеӯден ибарат.

Буннан тысқары, халықтын исенимли шериклиги ушын беккем тийкар жаратыӯ ушын дизимге алыӯ ҳаққындағы нызам ҳужжетлеринде шахслар тәрепинен усынылған мағлыӯматлардың сырлылығы принципи анық ҳәм исенимли тәризде белгилениӯи керек ҳәм бул сырлылық тийисли ҳуқуқый шаралар менен кепиллениӯи керек. Айрым жағдайларда, мағлыӯматларды қорғаӯ ҳаққындағы улыӯмалық нызамшылықта дизимге алыӯдың айрым зәрурлерин қамрап алатуғын тийисли қағыйдалар бар, соннан, дизимге алыӯ мағлыӯматларын дизимге алыӯ ямаса дизимге алыӯшыларға салыстырғанда қабыл қылыныӯы керек болған анық ис-илажлар ушын ислетиӯ имканияты ҳақкындағы нызам. Басқа жағдайларда мағлыӯматлардың сырлылығы бойынша анық қағыйдалар дизимге алыӯ нызамларына киритилиӯи керек, себеби ол тек дизимге алыӯ менен байланыслы тәреплерди есапқа алады.

Көплеген мәмлекетлерде, ҳәр бир дизимге алыӯдан алдын, дизимге алыӯ ҳаққындағы арнаӯлы нызам ямаса тийисли нызамлар қабылланады, ҳәм онда дизимге алыӯдың тематикалық мазмуны белгиленеди ҳәм жоқарыда айтып өтилген мәселелер бойынша қағыйдалар болады.

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content