Конституциялық суды ҳаққындағы Нызам

Конституциялық суды ҳаққындағы Нызам

23.06.2021 10:09:40 265 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққындағы
687-санлы Нызамы Нызамшылық палатасы тәрепинен 2021-жыл 13-январь күни қабыл етилген, Сенат тәрепинен 2021-жыл 12-март күни мақулланған ҳәмде 2021-жыл 27-апрель күни күшке кирген.

Бул Нызам 13-баб ҳәмде 101-статьядан ибарат.

Бул Нызамның мақсети Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының искерлигин тәртипке салыӯдан ибарат.

Конституциялық суд Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары қарарларының, Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманлары, қарарлары ҳәм пәрмайышларының, мәмлекет, жергиликли мәмлекетлик хәкимияты уйымлары қарарларының, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлер аралық шәртнамалық ҳәм басқа миннетлемелердиң Өзбекстан Республикасының Конституциясына муӯапықлығын анықлайды, Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен имзаланғанға шекем Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамларынын, Өзбекстан Республикасы халық аралық шәртнамаларын ратификация етиӯ ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы нызамларының Өзбекстан Республикасының Конституциясына муӯапықлығын анықлайды, Карақалпақстан Республикасы Конституциясының Өзбекстан Республикасы Конституциясына, Қарақалпақстан Республикасы нызамларының Өзбекстан Республикасының нызамларына муӯапықлығы ҳаққында жуӯмақ береди, Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары нормаларына түсиндирмелер береди, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының белгили исте қолланылыӯы лазым болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң Өзбекстан Республикасының Конституциясына муӯапықлығы ҳаққында судлар басламасы менен киритилген мүрәжатты көрип шығады, Конституциялық суд ислерин жүритиӯ әмелиятын улыӯмаластырыӯ нәтийжелери жүзесинен ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси палаталарына ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентине мәмлекеттеги Конституциялық нызамлылықтың жағдайы ҳаққында мәлимлеме береди, Конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлери белгили исте қолланылған ҳәм Өзбекстан Республикасының Конституциясына муӯапық болмаған нызамда бузылған деп есаплаӯшы пуқаралар ҳәм юридик шахслардың шағымларында көрип шығады, Өзбекстан Республикасының Конституция ҳәм нызамлары менен берилген ӯәкиллиги шеңберинде басқа ислердиде көреди ҳәмде өз ӯәкилликлерин әмелге асырып атырғанда басқа судлардың яки өзге уйымлардың ӯәкиллигине киретуғын бәрше жағдайларда ҳақыйқый жағдайларды анықлаӯ ҳәм тексериӯден өзин тийеди.

Конституциялық суд нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе есапланады.

Конституциялық судтың нызамшылық басламасы ҳуқықы оның тәрепинен нызамлар жойбарларын Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилисиниң Нызамшылық палатасына киритиӯ арқалы әмелге асырылады.

Конституциялық суд өзи кириткен нызам жойбарын Нызамшылық палатасында көрип шығыӯ ӯақтында қатнасыӯ ушын өз ӯәкилин тайынлайды.

Конституциялық суд Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына көре Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилисиниң Сенаты тәрепинен Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси усынған қәнийгелер арасынан, Қарақалпақстан Республикасының ӯәкилин қосқан халда сайланады.

Конституциялық судтың ҳәр бир судьясы жеке тәртипте сайланады. Сенат ағзалары улыӯма санының көпшилик даӯысын алған шахс сайланған есапланады.

Конституциялық суд баслығы ҳәм оның орынбасарларын қосқан халда Конституциялық судты тоғыз судьядан ибәрат болады.

Конституциялық суд судьясының ӯәкилликлери мүддети биринши мәрте сайланғанда бес жылды, нәӯбеттеги сайланғанда он жылды қурайды.

Конституциялық судтың судьясы лаӯазымында болыӯдың ең жоқары жасы, нызам бойынша жетпис жасты қурайды. Бир судья еки мәртеден артық Конституциялық судының судьясы етип сайланыӯы мүмкин емес.

Конституциялық судтың ҳүжжетлери бәрше мәмлекетлик уйымлары, мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкемлери, кәрханалар, бирлеспелер, мекемелер, әмелдар шахслар ҳәм пуқаралар ушын мәжбүрий есапланады.

Сиясат ҳәм ҳуқық тараӯы қәнийгеси болған, жоқары мәнаӯий пазыйлетлерге ҳәм зәрүр маманлыққа ийе болған, отыз бес жастан киши болмаған Өзбекстан Республикасы пуқарасы Конституциялық судының судьясы етип сайланыӯы мүмкин.

Конституциялық судтың судьясы сенатор, мәмлекетлик хәкимияты ӯәкилликли уйымының депутаты болыӯы мүмкин емес, сиясий партияның ағзасы болыӯы, сиясый ҳәрекетлерде қатнасыӯы, сондай-ақ, илимий ҳәм педагок искерлигинен тысқары ҳақ төленетуғын бирде-бир искерлик түри менен шуғылланыӯы мүмкин емес.

Конституциялық суд ислери коллегиал тәризде әмелге асырылады, суд мәжилисилери ашық өткериледи, бирақ мәмлекетлик сыр яки нызам менен қорықланатуғын басқа сырды қураӯшы мағлыӯматларды сақлаӯ зәрүр болған жағдайда жабық мәжилиси өткерилиӯине жол қойылады.

Конституциялық суд ислерин жүритиӯ тәреплердиң тартысыӯы ҳәм тең ҳуқықлығы тийкарында әмелге асырылады.

Конституциялық суд ислери Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тилинде жүритиледи.

Мәмлекетлик тилди билмейтуғын суд мәжилиси қатнасыӯшы өз ана тилинде сөзге шығыӯы ҳәм түсиндирмелер бериӯи ҳәмде дилмаш хызметинен пайдаланыӯы мүмкин.

Конституциялық судына мүрәжат етиӯ ҳуқықына ийе болған мәмлекетлик уйымлардың ҳәм әмелдар шахслардың мүрәжаты, сондай-ақ, пуқаралардың ҳәм юридик шахслардың шағымлары Конституциялық судында ислерди көриӯ ушын тийкар болады.

Конституциялық суд ислерин суд мәжилисинде көриӯге Конституциялық судтың кеминде бес судьясы қатнасқан жағдайда ӯәкилликли болады.

Тәреплер, гүӯалар, экспертлер, қәнийгелер ҳәм дилмашлар Конституциялық суд ислерин жүритиӯ қатнасыӯшылары есапланады.

Конституциялық судтың қарарлары, жуӯмақлары ҳәм басқа шешимлери ғалаба хабар қуралларында ҳәмде Конституциялық судының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Конституциялық судының ҳүжжети қатаң ҳәм оның үстинен шағым қылыныӯы мүмкин емес.

Көрип шығылып атырылған ис жүзесинен қарар мүрәжат көрип шығыӯға шекем қабыл етилген ӯақыттан баслап үш айдан кешиктирмей Конституциялық суды тәрепинен қабыл етиледи.

Конституциялық суд шет ел мәмлекетлериниң Конституциялық қадағалаӯ уйымлары тәрепинен шөлкемлестирилген халық аралық шөлкемлерге ағза болыӯы мүмкин.

Конституциялық суд халық аралық шөлкемлер ҳәм шет ел мәмлекетлериниң Конституциялық қадағалаӯ уйымлары менен бирге ислесиӯи, декларациялар, меморандумлары, келисиӯ баяннамалары, бирге ислесиӯ режелерин дүзиӯ, сондай-ақ, өз-ара тәжрийбе ҳәмде мәлимлеме алмасыӯ тараӯында бирге ислесиӯи мүмкин.

Конституциялық судтың искерлигин қаржыластырыӯ Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери есабынан әмелге асырылатуғынлығы белгиленген.

 

 

Шымбай районлар аралық

Экономикалық судының баслығы:                                       З.Д.Бердимуратов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content