“Автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў искерлигин тәртипке салыўды және де әпиўайыластырыў ис-иләжлары ҳаққында” ғы Президент қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық 2021-жыл 1-январдан физикалық шахсларға өзин-өзи бәнт еткен шахслар сыпатында 5 пуқарадан көп болмаған орынлы (айдаўшыны есапқа алған ҳалда) жеңил автомобиль транспортында тасыў искерлигин әмелге асырыўға рухсат берилиўи нәзерде тутылған.
Қарар менен 2022-жыл ақырына шекем эксперимент тәризинде жеке тәртиптеги исбилерменлерге жеңил автомобиллерде таксишилик етиўге рухсат берилмекте. Бунда өзин-өзи бәнт еткен шахслар жеңил автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў искерлигин мобиль версиялар-агрегаторлар арқалы әмелге асырылғанда алынған дәраматларына социаллық салықты төлеў менен бир қатарда физикалық шахслардан дәрамат салығы белгиленген төлем муғдары бойынша алынған дәрамат суммасы 50 %ке кемейтирилген ҳалда салық салынады.
Такси исбилерменлиги менен шуғылланыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге тийисли автомобиллер ушын төмендеги талаплар қойылмақта:
• Автотранспорт қуралының төбесин тойғын сары реңли фонлар (плафон) орнатыў ҳәм онда «TAXI» белгисин сәўлелендириў;
• Төлемди әмелге асырыў ҳәм де басып өткен жолды электрон тәризде дизимге алыў имкәниятын бериўши арнаўлы қураллар (мобиль телефон, планшет ҳәм басқалар) менен тәмийинленген болыўы;
• Автотранспорт қуралының приборлар панелинде автотранспорт қуралы ҳаққында мағлыўматлар көрсетилген табличка бар болыўы керек.
Жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен жолаўшыларды жеңил автотранспорт қуралларында тасыў искерлиги лицензияға тийкарланған халда әмелге асырылады.
Сондай-ақ, лицензия алыў ушын айдаўшы 21 жаска толған, баскарыўындағы автомашина ислеп шығрылған ўакыттан баслап 10 жыл дан артык болмаўы тийис. Автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў менен шуғылланыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлер «Аккредитация орайлары» МУК да аккредитациядан өткен техникалық хызмет көрсетиў станцияларында 6 айда кеминде 1 мәртебе транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериўи шәрт. 2021-жыл 1-сентябрге шекем болған дәўирде жеке тәртиптеги тасыўшыларды мәмлекетлик дизимнен өткергенлиги ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди.
Соныда айтып өтиў тийис:
Такси сыпатында пайдаланылатуғын автотранспорт қуралларының реңи (пил сүйеги ҳәм сары реңлер ) ҳәм де арнаўлы мәмлекетлик номерге (ТТ сериялы) қойылған талаплар 2023 жыл 1-январға шекем тоқтатылады.
Е.Рзаев
Шымбай районы
Мәмлекетлик хызметлер орайы
қәнийгеси.