Шымбай районлық 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан Адолат СДП Шымбай районлық Кеңеси, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм де Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими менен биргеликте “Әдалатлы қайын ене” көрик таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Жарыс 3 шәрттен ибарат болып, жарыс жуўмағында 3-орынды “Тағжап” АПЖ турғыны Утепова Жийенгүл ҳәм де “Қостерек” АПЖ турғыны Бердамбетова Амангүллер, 2-орынды “Дослық” МПЖ турғыны Абдиғаппарова Хапуза ийелеген болса, сыйлы
1-орынды “Қызыл өзек” АПЖ нан Әлимбетова Жүзимгүл ийелеп, таңлаўдың Республикалық басқышына жолламаны қолға киритти. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.