Сайлаӯ күни өзиниң жасаӯ орнында болыӯ имканиятына ийе болмаған сайлаӯшы мүддетинен алдын даӯыс бериӯ ҳуқуқына ийе.
Мүддетинен алдын даӯыс бериӯ сайлаӯға он күн қалғанда басланады ҳәм сайлаӯға үш күн қалғанда тамамланады.
Мүддетинен алдын даӯыс бериӯди өткериӯ ӯақты Орайлық сайлаӯ комиссиясы, ӯәлаят, район, қала сайлаӯ комиссиялары тәрепинен белгиленеди ҳәм сайлаӯшылардың, гүзетиӯшилердиң итибарына ғалаба хабар қураллары арқалы жеткериледи.
Мүддетинен алдын даӯыс бериӯди әмелге асырыӯ ушын сайлаӯшы сайлаӯ күнинде бола алмаслығының себеплери (мийнет дем алысы, хызмет сапары, шет елге шығыӯ ҳам басқа) көрсетилген арза тийкарында тийисли участка сайлаӯ комиссиясынан сайлаӯ бюллетенин алғанлығы ҳаққында тийисли участка комиссиясының кеминде еки ағзасы қатнасыӯында сайлаӯшылар дизимине имза қояды.
Сайлаӯ бюллетени арнаӯлы үскенеленген жасырын даӯыс бериӯ кабинасында яки ханасында сайлаӯшы тәрепинен толтырылады.
Сайлаӯшы қарар қабыл етеди ҳәм толтырылған сайлаӯ бюллетенин жабық конвертте қалдырады, конверт тийисли участка сайлаӯ комиссиясының сейфинде сақланады. Конверттиң желимленген орнына комиссияның еки ағзасының имзасы қойылып, олар комиссияның мөри менен тастыйықланады.
Шымбай районлар аралық
экономикалық судының баслығы: З.Д.Бердимуратов