Халықты дизимге алыў – бул мәмлекет халқының белгили бир ўақыттағы «фотосүўрет»ин алыў имканиятын бериўши улыўма мәмлекетлик дәрежесиндеги кең көлемли илаж болып, халық ҳаққындағы исенимли хабар дереги есапланады.
Бул процесс үш басқышта әмелге асырылады:
Биринши басқыш – таярлық көриў басқышы болып, бул басқыш үш жылға жақын ўақыт даўам етеди.
Таярлық процесиндеги ең зәрүрли мәселе, халықты дизимге алыў процесинде белсенди қатнасыў бойынша халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў, реклама роликлери, логотип ҳәм уранлар ислеп шығыў, халықты дизимге алыў бойынша норматив хүжжетлер, атап айтқанда дизимге алыў сораўнамалары, дизимге алыўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, оның нәтийжелерин алыў ҳәм жәриялаў методологиясын ислеп шығыў ҳәм тағы басқа да сол сыяқлы илажлар әмелге асырылады.
Екинши басқыш – тийкарғы басқыш болып, бунда тиккелей дизимге алыў әмелге асырылады, яғный халық ҳаққында мағлыўмат жыйналады, қадағалаў, тексериў өткериледи ҳәм дизимге алыў материаллары тапсырылады. Усы процесс шама менен еки ай даўам етеди.
Республикамызда 2023-жылда өткерилетуғын халықты дизимге алыў илажы дәстурий усылда, яғный дизимге алыўшылар аймақларда үйме-үй жүрген ҳалда жүзбе-жүз сәўбет тийкарында, қағаз формасындағы дизимге алыў сораўнамаларын толтырыў арқалы әмелге асырылады.
Соның менен бирге, интернет тармағы арқалы халықты дизимге алыў мүмкиншилиги де жаратылады, яғный қәлеўшилер өз үйлеринен ямаса аралықтан турып, арнаўлы дәстүр жәрдеминде дизимге алыў сораўнамаларын толтырып дизимнен өтиў мүмкиншиликлерине ийе болады.
Үшинши басқыш-дерлик үш жыл даўам етиўши соңғы басқышта алынған мағлыўматларды кодластырыў жәрдеминде анализ етилип, нәтийжелери рәсмий дағаза етиледи. Дизимге алыў процесинде топланатуғын статистикалық мағлыўматлар электрон мағлыўматлар системасына киритиледи.
Соны да айтып өтиў керек, халықымыз өзлериниң келешеги ушын бундай зәрүрли процеслерде белсене қатнасыўы керек болады.
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ