Шымбай районында 2021-жыл зүрәәти ушын 3 мың 900 жер майданға ғәлле егилген болып, бүгинги күнде ғәлледен босаған 2 мың 762 майданға тәкирарый егинлерди егиў режелестирилген.
Сонлықтан усы мүнәсибет пенен бүгин «Тағжап » АПЖ аймағында районымызда 2021-жыл ғәлледен босаған майданларға тәкирарый егинлерди егиў бойынша мәжилис болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Покурорының орынбасары Қ.Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри А.Якубов, Шымбай районы ҳәкими А. Тажетдиновлар қатнасты. Жыйналыста кем тәмийинленген шаңарақлар сондай-ақ жасларға егин майданларынан жер ажыратып бериў, егислик майданларынан үнемли пайдаланыў мәселелери айрықша додаланды.