Өзбекстанда халықты есапқа алыў дәўри

Өзбекстанда халықты есапқа алыў дәўри

09.06.2021 12:16:12 206 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлери ҳаққында”ғы  қарарына тийкарланып:

2021-жыл 1-25 ноябрь күнлери Әндижан ўалаятының Хожаабат районы, Ташкент ўалаятының Жоқары Шыршық районы, Харезм ўалаятының Хива қаласында ҳәмде Ташкент қаласының Яшнаабат районларында халықты сынаў тәризинде дизимге алыў илажи әмелге асырылады.

Республика дәрежесинде халықты дизимге алыў илажи 2023-жыл 1-25-ноябрь күнлери өткериленди ҳәм дизимге алыў басланыўының анық ўақты 2023-жыл 1-ноябрь сааи 00.00 етип белгиленеди. Халықты ыдизимге алыў 25 кун даўам етип ол төмендегише әмелге асырылады:

— 1–5 ноябрьде интернет тармағы арқалы дизимге алынады (5 күн);

— 6–10 ноябрьде интернет тармағы арқалы дизимге алынған респондентлер ҳәм олардың уй манзиллери дизими қәлиплестириледи (5 күн);

— 11–22  ноябрьде халықты дизимге алыў сораўнама формалары тийкарында үйме-үй жүрилип халық дизимге алынады (12 күн);

— 23–25 ноябрьде ҳәр бир участкадағы үй-жай мәнзиллериниң 10 пайызы сайланды рәўиште, қадағалаў гузетиўи өткериледи (3 күн).

Халықты есапқа алыў дәўри дегенде нени түсинемиз?

Халықты дизимге алыў анық бир мүддетте өткериледи. Бул илаж әдетте 10 күннен – 12 күн талап етеди. Халықты есапқа алыў айрым жағдайларда халықты дизимге алыўдың нәзик ўақты деп та жүритиледи. Халықты дизимге алыў дәўри неше күн болыўына  қарамастан дизимге алыўдың биринши күни саат 00:00 жағдайы бойынша белгиленеди.

Мысал ушын бала халықты дизимге алыў дәўринде бирақ сол анық мўддеттен кейин дуньяға келсе, ол дизимге алынбайды. Бирақ кимдир бул нәзик ўақытта тири болып, дизимге алыў дәуринде дуньядан өтсе, ол дизимге алынады.

 

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content