Быйылғы жылы мәмлекетимизде үлкен сиясий ўақыя – Президент сайлаўы болып өтеди. Бул әҳмийетли сиясий ўақыяға партиялар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралардың белсендилик пенен қатнасыўы – сайлаўларды халық аралық белгиленген стандартлар, принциплер тийкарында демократиялық, ашық түрде әдил өткерилиўинде әҳмийетли хызмет етеди.
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы академиялық лицейи имаратында өткерилген семинар-тренингтиң мақсети – сайлаў процессиниң тийкарғы шөлкемлестириўшилери болған сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлардың тәжирийбесин арттырыў, оларға көмеклесиў, ҳәм сайлаў нызамшылығы ҳәм процесси бойынша билим және көнликпелерин арттырыўға қаратылған.