Жәҳән тәжирийбесинде мәмлекетте халықтыӊ саны, жасы, жынысы, пухаралығы, миллий қурамы, шаӊарақ жағдайы, кәсиби, бәнтлиги, дәрамат дереги ҳәм басқада жағдайлар бойынша анық мағлыўмат топлаўдыӊ еӊ нәтийжели усылы халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў болып есапланады. Сонлықтанда 2023 жылда мәмлекетимизде биринши мәртебе өткерилетуғын халықты дизимге алыў илажларына ҳәзирден таярлық жумыслары көрилмекте.
Ойлап кориӊ, колыӊызда Өзбекстан картасы ҳәм оған қарап аймақларға тийисли болған бирлемши мағлыўматларды айтыў мумкин. Мысалы ушын Қарақалпақстанда қанша халық жасайды, Хорезмде бәнтлик мәселеси қай дәрежеде, Сурхандарьяда қанша билим бериў мәкемелери бар, Фарғонада халық тығызлығы қай дәрежеде ҳәм соған уқсас басқа зәрүр мағлыўматлар. Бирақ бундай жүзеки көрсеткишлер менен бүгинги жедел раўажланыў дәўиринде узақты гөзлеп режелестириў қыйын, әлбетте.
Керисинше, қолымызда ҳәр бир аймаққа тийисли анық фактлар болса, режелеримизде, әмеллеримизде мәнзилли ҳәм пухта болады. Соныӊ ушында бизге пүткил республиканы қамрап алатуғын исенимли мағлыўматлар керек ҳәм мағлыўматлар жаӊаланып барылыўы шәрт. Бундай анық мағлыўматлар болса халықты дизимге алыў тийкарында алынады. Соған қарап өтмиш ҳәм бүгин ҳаққында ой-пикирлеримизди жүргизиўимиз ҳәмде келешекти болжаўымыз мүмкин. Сондай-ақ, халықтыӊ жасы, жынысы, миллий қурамы, мағлыўмат дәрежеси, шаӊарақ ауҳалы, бәнтлиги ҳәм басқада мағлыўматларды алыўдыӊ бирден-бир дереги есапланады.
Ғарезсизлик дәўиринде бул илаж өткерилмеген.
Бизге мәлим, БМШныӊ 2015 жыл 10 июндағы “2020 жылда халық ҳәм үй-жай фондын дизимге алыў бойынша принциплар ҳәм усыныслар” резолюциясы қабыл етилди ҳәм оған тийкарланып, БМШға ағза мәмлекетлер кеминде бир мәрте халық ҳәм үй-жай фондын дизимге алыўды өткериўи белгиленген. Ҳәзирги ўақытта МДҲ мәмлекетлеринде бул процесске таярлық басланған.
Өзбекстанда ғарезсизлик жылларында еле бир мәртебеде бундай есап-китап жумыслары алып барылмаған. Бундай илаж ен соӊғы мәртебе 1989 жылда өткерилген еди. Халық-ара тәжирийбеден мәлим, көпғана мәмлекетлерде халықты дизимге алыў илажы кеминде ҳәр он жылда бир мәрте шөлкемлестирилиўи үрдиске айланған. Республикамыздада енди сондай әҳмийетли процесс жолға қойылады. Бунда мәмлекетимиз президентиниӊ 2019 жыл 5 февальдағы “Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы пәрманы ҳуқуқый тийкар болып хызмет етеди.
Бул илаж бизге не береди?
Халық санын дизимге алыў мәмлекетте жасаўшы ҳәммеге тийисли болған демографик, экономикалық ҳәм социаллық мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализ ислеў ҳәм жәриялаўдын бирден-бир усылы болып есапланады. Бул халық ҳаққындағы мағлыўматлардыӊ тийкарғы дереги болып, келеси 10-20 жыллық прогноз көрсеткишлерин есаплаў ушын исенимли тийкар жаратылады. Халық миграциясы ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлеленеди.
Өз нәўбетинде, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық бәнтлиги, ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын жақсылаў ҳәм шаӊарақларға жәрдем көрсетиў бойынша дәстурлерди мәнзилли ислеп шығыўда информация тәризинде пайдаланылады. Халық санын исенимли есаплаў бойынша рәсмий статистика системасында тийкарғы роль ойнайды
Дизимге алыў қандай әмелге асырылады?
Бул илаж үш басқышта әмелге асырылады. Бириншиси, таярлық басқышы болып, ўш жылға жақын ўақыт даўам етеди. Екиншиси, тийкарғы басқыш болып, бунда тиккелей халықты дизимге алыў әмелге асырылады, яғный халық ҳаққындағы мағлыўматлар жыйналады, қадағалаў тексериўи өткериледи ҳәм халықты дизимге алыў материаллары тапсырылады. Бул шама менен еки ай мүддетти өз ишине алады. Соӊғы басқыш үш жыл даўам етип, алынған мағлыўматлар кодластырыў жәрдеминде анализ кылынады, кейин нәтийжелер дағазаланады.
Шымбай районы статистика бөлими