1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов районымыздағы бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың перзентлериниң ҳал жағдайынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын үлести. Атап айтқанда оқыӯшылар ушын керекли есапланған компьютерлер ҳәм тигиӯшиликке қызыққан қызлар ушын тигиӯ машынасын тапсырыды.Бундай итибардан олар оғада қуӯанышлы болып район ҳәкимлигине миннетдаршылық билдирди.