1-июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни

1-июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни

01.06.2021 08:33:10 215 Баспаға шығарыў

Балалар өмиримиздиң мазмуны, келешегимиз даӯамшылары, олардың уйқысынан бийғам ояныӯы, шийрин күлкиси менен әлемди толтырыӯы ҳәр биримиздиң жүреклеримизди елжиретпей коймайды. Себеби олардың күлкиси менен, дүнья гөззал, әлем гүлистан.

«1-июнь Халық-аралық балаларды қорғаў»- күни пүткил дүнья балалары ушын ең қуўанышлы байрам есапланады. Балалар өз күлкилери арқалы адамлар қәлбинде өмирге, жасаўға болған қызығыўды оятады. Келешек тарийх пенен қурылады дегениндей усы күнниң де өз тарийхы бар. Бул күнди белгилеў усынысы 1925-жылы Женевада алға сүрилген болсада 1950-жылдан баслап Бирлескен миллетлер шөлкеминиң басламасы менен пүткил дүньяда ә-июнь Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленип келинеди.

Инсанның әҳ жасқа шекемги кеширген өмири балалық есапланады. Жас өспиримлердиң ҳуқық ҳәм еркинликлери Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм басқа нызам ҳүжжетлери атап айтқанда, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодекси, халық-аралық көлемде болса, «Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция» арқалы кепилленеди. конвенция мәмлекетимизде ратификация етилген ҳәм ондағы нормалар биздеде әмелде. Мәмлекет баланың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў, кемситилиўине жол қоймаў, қәдир-қымбатын қорғаўда бас реформатор есапланады ҳәм балалар ҳуқықлары ҳәм имканиятларының теңлигин тәмийинлейди, олардың  физикалық, интеллектуал, руўхый ҳәм тәрбиялық тәрептен камалтабыўына көмеклеседи.

Мәмлекетимизде бала ҳуқықлары нызам қорғаӯында, Конституциямыздың 64-статьясында, ата-аналар өз перзентлерин ер жеткенге шекем бағыӯ ҳәм тәрбиялаӯға мәжбүр. Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-аналарының  қәӯендерлигинен айрылған балаларды бағыӯ, тарбиялаӯ  ҳәм оқыӯын тәмийинлейди, балаларга арналған қайырқомлық жумысларын алып барады деп көрсетип өтилген. «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамыҳ-статьясында жасаў ҳуқықы ҳәрбир баланың туўрыдан-туўры ҳуқықы екенлиги, бала өмирине қәӯип туӯдырыӯ ен аўыр жынаят есапланатуғынлығы атап өтилген. Баланың ҳуқықы оның менен бирге туўылады, себеби, ҳәр бир бала туўылған ўақтынан баслап фамилиясы, аты, әкесиниң атын алады, миллети ҳәм пуқаралығына ийе болады. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери қорғаў оның ата-анасы, ата-анасының орнын басыўшы шахслар нызамда көзде тутылған жағдайларда болса, әменгерлик қәўендер уйымы прокурор, суд тәрепинен әмелге асырылады. Усы Нызамның 13-статьясында бала әкеси, анасы, атасы, кемпирапасы, аға-инилери, ажапа-қарындаслары басқа туўысқанлары менен көрисиў, ҳуқықына ийелиги атап өтилген. Ата-анасының некеден ажыралыўы, некениң ҳақықый емес деп табылыўы яки ата анының бөлек жасаўы баланың ҳуқықларына тәсир етпейди. Ата-ана түрли мәмлекетлерде жасаған жағдайда да бала олар менен көрисиў ҳуқықына ийе.

Сондай-ақ, баланың саламатлығын тәмийинлеў ол бул дүньяға келместен алдын көриледи. Бул  ушын мәмлекет тәрепинен болажақ ана саламатлығын сақлаў шараятлары жаратылады. Бала дүньяға келгеннен соң оның саламатлығын сақлаў жолында төмендегилер әмелге асырылыўы лазым: қәнигелик ҳәм бийпул медициналық жәрдем көрсетиў, балалар кеселликлери профилактикасы емлеў-профилактика мәкемелеринде диспанцер гүзетиўин алып барыў ҳәм емлеў, талап дәрежесиндеги сапаға ийе болған азық-аўқат өнимлери ислеп шығарылыўы ҳәм сатылыўын қадағалаў, санитария-гигиена билимин бериў, 14 жастан үлкен бала мағлыўматларды билген ҳалда медициналық араласыўға, өз қәлеўи менен разылық бериў яки разылық бермеў ҳуқықына ийе болады.

Бала жынаятқа қол урса 18 жастан киши болған шахслар тәрепинен жүз берген жынаятлар ушын Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиндеги ең аўыр жаза өмирлик қамақ жазасы белгилен бейди. Балалық инсан өмириниң ең бийбаҳа ӯақты есапланады. Бул мәӯритлерди ҳәммемиз қәдирлеп, еслеп жасаймыз. Дүнья тәшӯишлеринен жырақ бийғам балалыққа ҳеш нәрсе теңкелмейди. Солайекен, балалардың келешегине ҳәм бүгинги күнине итибарлы болып жасайық әзиз ата-аналар!

 

Мырзахмет Урынбаев,

Жас өспиримлер ислерибойынша мәкемелер-аралық комиссиясы жуӯаплы хаткери.

Пайдалы ресурслар
Skip to content